%збекстан республикасы жо№ары
Download 0.69 Mb. Pdf ko'rish
|
G.Aynazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Leksikologiya (2004) (1)
Терминлерди мәниси ҳәм қурылысы жағынан өзгериссиз қабыл етиў: агрономия, техника,
фиика, медицина, дизель, рефлекс, философия, акустика, космонавтика, экономика, т.б. 2. Аралас түринде қабыл етиў. Бунда аўысыўшы терминниң анаў ямаса мынаў бөлеги ана тилдеги мәнилес сыңары менен аўмастырылады да, қалған бөлеги сол түринде ямаса грамматикалық байланыстың ығбалына қарай сәйкес қосымталар жалғанған ҳалында қабыл етиледи: материалистлик көз-қарас, органикалық бирикпе, квадрат теңлеме, турақлы тоқ, сиясий экономия, қалдықсыз технология, минерал төгинлер, сүрим тракторы, идеялық мазмун т.б. 3. Калькалаў усылы. Бул усыл арқалы орыс ҳәм орыс тили арқалы басқа тиллерден аўысыўшы терминлер олардың морфемалық қурылысына қарай қарақалпақ тилине аўдарылып қабыл етилген: обязательство-миннетлеме, давление-басым, наглядность-көрсетпелилик, млекопитающие - сүт емизиўшилер, начинание - баслама, распрастраненное предложение - кеңейтирилген гәп, наглядное пособие - көрсетпели қурал т.б. Қарақалпақ әдебий тилинде терминлердиң усы жоқарыдағы жасалыў усыллары тилде норма, объектив нызамлылық сыпатында турақлылыққа ийе болып отыр. Тилдиң ҳәзирги раўажланыў жағдайында терминлердиң қабыл етилиўине, онда қайсы усылдың басым екенлигине нәзер аўдарсақ, онд қарақалпақ терминологиясының көпшилик бөлеги басқа тиллерден аўысқанлығы, олардың ана тилге сол түрде туўра өзгериссиз келип киргенлиги айқын көзге тасланады. Бунда соңғы дәўирлерде ҳәттеки өз тилимиздиң оғада бай ҳәм кең ишки мүмкиншиликлеринен толық пайдаланбаў анық сезиледи. Усының ақыбетинде ата-бабамыздан мийрас болып қалған, кеше ғана кең жәмийетлик хызмет өрисине ийе болып, халық ийгилиги, өз- ара қатнаста жийи қолланылып келген көп ғана сөзлердиң гөнерип, ҳәттеки умытылып баратырғанының гүўасы болып отырмыз. Олардың басым көпшилиги-терминлер. Мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызамның қабыл етилиўи менен бундай умытылып баратырған сөзлик қәстерлеп аўмастырылыўы мүмкин болған өзге тил терминлериниң орнын басып қолланыў исине айналып атыр. Мысалы, кризис орнына дағдарыс, адрес орнына - мәкан жай, граждан орнына - пухара, должность, орнына - лаўазым, дух орнына - рух, долг орнына - парыз, совет орнына - кеңес, союз орнына - аўқам, план орнына - жоба, печать орнына - мөр, оборудование орнына - үскене, коллектив орнына - жәмәәт, массив орнына - шалғай, момент орнына пайыт, обзор орнына - шолыў ҳәм т.б. Терминлерди қабыл етиў, әсиресе өзге тиллердеги терминлерден пайдаланыў оғада үлкен жуўапкершиликти, әдебий тилдиң объектив талапларын толық түсиниўди, усыған сәйкес терминологияны, тилдиң өзине тән раўажланыў нызамларын толық басшылыққа алыўды керек етеди. Бул норма сыпатында қәлиплескен әдебий тилдиң сөзлик қурамын байытыўға себепши болатуғын сөз жасаў усылларын айдаланыў зәрүр. Усыған сәйкес халық турмысында пайда болған арнаўлы уғымға дефинитивлик жақтан тең келетуғын атама биринши гезекте ана тилдиң ишки мүмкиншиликлеринен, ишки дереклеринен таңланғанлығы мақул. Егер өзге тил бирлиги арқалы аңлататуғын атаманың қарақалпақ тилинде мәнилес сыңары болса, онда усы атама термин ретинде қабыл етиледи: заседание-мәжилис, собрание-жыйналыс, перерыв-тәнепис, звонок-қоңыраў, вечер-кеше, бюст-мүсин, памятник-естелик, гостиница-мийманхана т.б. Сондай-ақ, бундай арнаўлы уғымларды билдиретуғын аўысыўшы термин сөзлер сөз жасаўдың лексикалық, морфологиялық, синтаксислик ҳәм калькалық усылларынан пайдаланыўға мүмкиншилик туўдырса, онда усы нызамлылықты басшылыққа ала отырып, жаңа атама қабыл етиў, мақсетке муўапық келеди: прачечная-кирхана, подшивка - тақлама, сноска - силтеме, официальное положение - рәсмий жағдай, среда - орталық, речевая среда - сөйлеў орталығы, перестройка - қайта қурыў, стабилизация - турақластырыў, гласность - жәриялылық, доклад - баянат, информация - мәлимлеме, милосердия - қайырқомлық, представительство - ўәкиллик т.б. Терминлерди қабыл етиў жағдайында өзге тил дереклерине турпайы қатнас жасаў, жасалмалылыққа берилиў, оған екинши бир тилден түсиниксиз сыңарлар излеп табыўға урыныў, тиллер тарийхында көрингениндей, жақсы нәтийжелер бермейди, әдебий тил терминологиясының буннан былай да раўажланыў талапларына қайшы келеди, ҳәттеки сөзлик қурамының тағы да шубарланыўына алып келеди. Мәселен, партия терминин пирҳа, интернациональ - бәйнәл-минәл. совет терминин - шора деў әлбетте түсиниксизликтен басқа ҳеш нәрсени де келтирип шығарыўы мүмкин емес. Сонлықтан бундай жасалма атамалар әдетте жәмийетлик мақуллаўдан алсы болғанлықтан тилде узақ жасай алмайды. Терминниң әдеттеги басқа сөз бирлигинен өзгешелиги сонда, ол анаў я мынаў түринде усынылғаннан кейин қолланылыў жағдайында ысылыўы, улыўмалық таңламалыққа ийе болыўы менен термин сыпатында қәлиплесип те кете береди. Мәселен, кеше ғана документ, зритель деген атамалардың орнына ҳүжжет, тамашагөй сөзлери баспа сөз, радио ҳәм телекөрсетиўи арқалы енгизилген еди, олар ҳәзир ҳүжжет, тамашагөй түринде қәлиплесип кетти. Демек, терминниң қәлиплесиўинде оның қолланылыў жеделлилиги, әсиресе баспа сө радио ҳәм телевидение айрықша әҳмийетке ийе деген сөз. Download 0.69 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling