%збекстан республикасы жо№ары
Терминлер ҳәм оның турақласыўы ҳаққында
Download 0.69 Mb. Pdf ko'rish
|
G.Aynazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Leksikologiya (2004) (1)
Терминлер ҳәм оның турақласыўы ҳаққында
Қарақалпақ терминологиясы өзиниң раўажланыўында үлкен тарийхый жолды өтти. Сол дәўирлер ишинде өзлик терминологиялық қатламға турмыс талапларына сәйкес өзге тиллерден терминлер аўысып та отырды. Бунда түрли қолайсыз жағдайлардың да орын алып келгенлиги белгили. Айтайық, белгили бир дәўирлерде орыс тилинен ҳәм орыс тили арқалы басқа тиллерден аўысыўшы терминлерди орынсыз аўдарыў жағдайы. Мәселен, интернациональлық-сыпатламадағы революция, интернациональ, партия усаған терминлер қарапалпақ тилине аўдарыспақ, бәйнәнмийнәл, парха түринде аўдарылып берилди. География термининиң жағырафия, природоведение-жаратылыс, жаратылыс таныў, текст-үзимте, совет-шора, класс-жамай, договор-қантерек, финанс-мәлия, поезд-отарба, самолет-ҳаўа кеме, массовая пропоганда-көпшилик үгитлеў, т.б. атамалар да қалай болмасын қарапалпақшалап алыў бағдарында қабыл етилип алынған терминлер еди. Әдебий тилдиң раўажландырыўындағы объектив талаплар, нызамлылық кем-кем қәлиплесиўи ҳәм жетилисиўи нәтийжесинде қарапалпақ терминологиясы системасында улыўма халықлық норма дөреди, терминлерди арнаўлы атама сыпатында таныў ҳәм таңлаўдың принциплери, терминлердиң жасалыў жоллары нызамлылық ретинде тастыйықланды. Нәтийжеде, ҳәзирги күнде теринлер қарапалпақ тилиниң сөзлик қурамында өзине тән айырықша өзгешелик белгилерине ийе болды: 1 ) термин арнаўлы уғымлы анықлаўшы арнаўлы атама~ 2 ) термин илим ҳәм техника, жәмийетлик-сиясий турмыс ҳәм мәденият, санаат ҳәм аўыл хожалығы, т.б. байланыслы арнаўлы уғымларды дәл анықлайды~ 3 ) анаў я мынаў терминология тараўында ҳәр қандай терминниң мәниси сәйкес уғымға тең келеди, сонлықтан ол бир мәнили, яғный моносемьялық сыпатта болады~ 4 ) термин кәсиплик мазмунға, улыўма халықлық белгиге ийе~ 5 ) терминлер сөзлик қурамдағы ең ҳәрекетшең ҳәм удайы өзгерислер енип отыратуғын айрықша сөзлик қатламды қурайды~ 6 ) терминде әдетте қосымша мәни образлығы, қосымша мәнилик бояў жоқ, бийтәреп функционаллық жақтан арнаўлы турмыс, тараўына белгили ҳәм таңлап қолланылады~ 7 ) терминлер рәсмийлестирилген лексикалық бирликлер, жәмийетлик бақлаў арқалы тәртиплестирилип барыўға мүтәж, т.б. Ҳәзирги күнде қарапалпақ терминологиясы системасында терминлик атамалардың жасалыў жоллары да нызамлылық сыпатында қәлиплескен. Олар төмендегише: 1 ) Лексикалық-семантикалық усыл 2 ) Морфологиялық усыл 3 ) Синтаксислик усыл 4 ) Өзге тилден сөз аўысыўы арқалы Лексикалық-семантикалық усыл арқалы сөзлик қурамда бурыннан бар анаў я мынаў сөзге қосымша терминлик мәни жүкленеди, сөз терминлеседи. Мәселен, күш, гәп, гүрриң, қаҳарман, ултан, мийнет усаған сөзлер әдетте көп мәнили сөзлер ретинде тилде әзелден қолланылып киятыр. Ал соңғы дәўирде түрли илим тараўларында пайда болған жаңа илимий уғымларды дәл анықлаўшы терминлик мәнилерди қабыл еткенлигин көремиз: күш, физика, гәп, лингвистика, гүрриң, әдебияттаныў, қаҳарман, арза гүўалық, ултан, геометрия, мийнет, илим т.б. Бундай терминлик мәнилерди қабыл етиў тийкарында лексикалық-семантикалық усыл арқалы жасалған терминлер тилимизде оғада көп. Морфологиялық усылдың жәрдеми менен қосымталар қосылыў арқалы терминлер жасалады: шын-лық (филос) тез-лик, (физика) теңлик, тең-сизлик (сиясий) сызық-ша (линг) ата- лық, ана-лық (биол) ерит-пе (химия) бирик-пе (химия) көнлик-пе т.б. Синтаксислик усыл арқалы жасалған терминлер сөз дизбеклери түринде қәлиплеседи, терминлик бир мәнини аңлатады: жәмийетлик қатнас (сиясий), зат алмасыў (биол), асқазан асты безлери (физиол), хожалық есап (экономика), өнимниң қуны (экономика), көрсетпели қураллары (пед). Өзге тилден аўысыў усылы. Терминлер пайда болады. Бул усыл арнаўлы белгилеп өтиўди керек етеди. Соңғы дәўирде басқа миллет тиллери сыяқлы қарапалпақ әдебий тилиниң сөзлик қурамына орыс ҳәм орыс тили арқалы басқа тиллерден терминлердиң аўысыўы оғада жедел ҳәм жийи қубылысқа айналды. Орыс халқы менен экономикалық, сиясий ҳәм мәдений байланыслар, орыс тилиниң жәмийетлик өрисиниң кеңейиўи, оның миллетлер аралық қатнаста қолланылыўы орыс тилинен лексикалық бирликлердиң аўысыў исин, интернационаллық топарының көбейиўи әдеўир тезлетип жиберди. Көрнекли тюрколог Н.А.Баскаков белгилеп өткениндей, қарақалпақ тилиниң сөзлик қурамы орыс ҳәм интернационаллық лексиканың, әсиресе илимий терминологиялық келип кириўи кем-кемнен көбейди. Ҳәзирги қарақалпақ тилиниң илимий ҳәм жәмийетлик сиясий терминологиясы тараўында аўысқан лексикалық бирликлер ҳәттеки қарақалпақлардың өзлик терминлеринен артық келеди. Ҳақыйқатында да қарақалпақ терминологиясы системасында орыс тилинен, орыс тили арқалы баса тиллерден терминлерди қабыл етиў оғада өнимли сыпат алып отыр. Қайсы терминологиялық тармақты алып қарасаң да, онда орыс тилинен ҳәм орыс тили арқалы басқа индиевропа тиллеринен келип кирген сөзлерди көплеп ушыратыўға болады. Орыс тилинен ҳәм орыс тили арқалы басқа тиллерден терминлердиң аўысыў жағдайына лингвистикалық көз-қарастан нәзер аўдарсақ, олардың улыўма үш усылда қабыл етилгенин байқаймыз. 1. Download 0.69 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling