Өзбекстан Республикасының конституциялык нызамы жойбары өзбекстан Республикасының Конституциясына


Download 365.51 Kb.
Pdf ko'rish
bet1/18
Sana21.06.2023
Hajmi365.51 Kb.
#1641443
TuriСтатья
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   18
Bog'liq
Нызам жойбары



Жойбар 
Өзбекстан Республикасының 
КОНСТИТУЦИЯЛЫК НЫЗАМЫ
ЖОЙБАРЫ 
Өзбекстан Республикасының Конституциясына 
өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында 
Нызамшылық палатасы тәрепинен __________________ қабыл етилген 
 
1-статья. 1992-жыл 8-декабрьде он екинши шақырық Өзбекстан Республикасы 
Жоқары Советиниң он биринши сессиясында қабыл етилген Өзбекстан 
Республикасының Конституциясына (Өзбекстан Республикасы Жоқарғы 
Советиниң Хабарнамасы, 1993-жыл, № 1, 4-статья; 1994-жыл, № 1, 5-статья; 
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Хабарнамасы, 2003-жыл, № 3-4, 27-
статья; Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының Хабарнамасы, 
2007-жыл, № 4, 162-статья; 2008-жыл, № 12, 637-статья; 2011-жыл, № 4, 100-статья, 
№ 12/1, 343-статья; 2014-жыл, № 4, 85-статья; 2017-жыл, № 4, 134-статья, № 5, 200-
статья, № 8, 383-статья; 2018-жыл, № 10, 674-статья; 2019-жыл, № 2, 47-статья, № 
3, 162-статья, № 9, 588-статья; 2021-жыл, № 2, 139, 140 -статьялар) төмендеги
өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин: 
1) Алғы сөз төмендеги редакцияда баян етилсин: 
«Алғы сөз 
Биз, Өзбекстанның бирден-бир халқы, 
инсан ҳуқықларына ҳәм еркинликлерине, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық 
қәдириятларға, мәмлекетлик суверенитет принциплерине өзиниң садықлығын 
салтанатлы түрде жәриялап, 
халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормаларының үстинлигин тән 
алып, 
ҳәр бир инсанның ар-намысы, қәдир-қымбаты, пәраўанлығы ҳәм де мәплери 
ҳаққында ғамхорлық ететуғын, инсаныйлық, демократиялық, ҳуқықый, социаллық 
ҳәм дүньялық мәмлекетти қурыў ҳәм де беккемлеў барысында ҳәзирги ҳәм келешек 
әўладлар алдындағы жоқары жуўапкершилигимизди сезе отырып, 
ашық, әдалатлы ҳәм бәркамал пуқаралық жәмийетине умтылып, 
өзбек мәмлекетшилигиниң үш мың жыллықтан артық тарийхый раўажланыў 
тәжирийбесине, сондай-ақ, жәҳән ҳәм ислам цивилизациясының раўажланыўына 
оғада үлкен үлес қосқан уллы бабаларымыздың мәдений мийрасына сүйенип, 
демократия идеяларына, социаллық әдиллик, еркинлик ҳәм теңлик сыяқлы 
қәдириятларға өз садықлығымызды тастыйықлап, 
мәмлекетимиздиң турақлы раўажланыўын, жаслардың мүнәсип турмыс 
кешириўин, усы мақсетте билимлендириў, илим, мәденият ҳәм руўхый 
раўажланыўын тәмийинлеўге умтылып, 



бизге шекем жетип келген тәбийий, мәдений, материаллық ҳәм руўхый 
қәдириятлар ҳәм де байлықларды көбейтиўге ҳәм қорғаўға, қоршаған орталықтың 
тазалығын сақлаўға жигерли түрде бел байлап, 
Өзбекстанның жәҳән жәмийетшилиги ҳәм, ең алды менен, қоңсылас мәмлекетлер 
менен өз-ара бир-бирин қоллап-қуўатлаў, шериклик ҳәм ҳүрмет етиў, тынышлық 
ҳәм татыўлық тийкарындағы үйлесимли, дослық қатнасықларын беккемлеўге ҳәм 
де раўажландырыўға умтылып, 
пуқаралардың тынышлығын, миллетлер аралық ҳәм конфессиялар аралық 
татыўлықты ҳәм де кеңпейилликти тәмийинлеў мақсетинде, 
Өзбекстан Республикасының усы Конституциясын қабыл етемиз ҳәм 
жәриялаймыз»; 
2) 1-статья төмендеги редакцияда баян етилсин: 
«1-статья. Өзбекстан – суверен республика, ҳуқықый, социаллық, дүньялық, 
демократиялық мәмлекет. Мәмлекеттиң «Өзбекстан Республикасы» ҳәм 
«Өзбекстан» атамалары тең мәнили»; 
3) 13 ҳәм 14-статьялар төмендеги редакцияда баян етилсин: 
«13-статья. Өзбекстан Республикасында демократия улыўма инсаныйлық 
принциплерге тийкарланады, оларға муўапық инсан, оның өмири, еркинлиги, ар-
намысы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа ажыралмас ҳуқықлары ең жоқары қәдирият 
болып табылады. 
Инсанның ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатын, ҳуқық ҳәм еркинликлерин ҳүрмет 
етиў, оларға әмел етиў, оларды қорғаў мәмлекеттиң миннетлемеси болып табылады. 
Инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлери тиккелей әмел етеди, нызамлардың мәнисин, 
мазмунын ҳәм қолланылыўын, мәмлекетлик уйымлардың, пуқаралардың өзин-өзи 
басқарыў уйымларының ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының искерлигин 
белгилейди. 
Инсанға қарата ҳуқықый тәсир шарасы мәмлекетлик уйым тәрепинен 
гөзленетуғын нызамлы мақсетке ерисиў ушын жетерли болыўы ҳәм де мәпдар 
шахсларға мүмкиншилиги барынша қыйыншылық туўдырмаўы керек. 
Инсанның мәмлекетлик уйымлар менен өз-ара қатнасықларында нызамшылықта 
жүзеге келетуғын, сапластырып болмайтуғын барлық қарама-қарсылықлар ҳәм 
анықсызлықлар инсан пайдасына шешиледи. 
Демократиялық ҳуқық ҳәм еркинликлер Конституция ҳәм нызамлар менен 
қорғалады. 

Download 365.51 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   18




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling