Август 2020 8-қисм


Download 1.81 Mb.
Pdf ko'rish
bet38/87
Sana13.04.2023
Hajmi1.81 Mb.
#1352207
1   ...   34   35   36   37   38   39   40   41   ...   87
Bog'liq
8.Adabiyot 1 qism

Август 2020 8-қисм
Тошкент
ӨЗБЕК ӘДЕБИЯТЫНДА ТРАГЕДИЯ ЖАНРЫ
Шержанова Фазу Кеунимжаевна
Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы, 
ассистент оқытыўшы
Телефон:+998(90) 654 15 64
Почта: kunnazarovas@mail.ru
Аннотация: Мақалада өзбек миллий драматургиясында тунғыш трагедия есапланған 
«Падаркуш» трагедиясы ҳаққында соз етилген. Онда әдебиятшы илимпазларынын 
трагедияға билдирилген илимий пикирлери анализ етиледи. 
Гилт созлер: трагедия, идея, жанр, драма, монолог, драматург, қаҳарман, образ, харак-
тер, репертуар, персонаж, театр. 
Түркий халықлар әдебиятында, соның ишинде өзбек әдебиятында трагедия жанрының 
пайда болыў ҳәм қәлиплесиў процесси ерте заманлардан-ақ басланған. Бул ҳәзирги 
миллетлер менен халықлар дүзилместен бурын, усы халықлардың ҳәр қыйлы қәўимлер 
бирлеспелериниң составында жүрген дәўирлерине туўры келеди. Деген менен ҳәзирги 
ўақыттағы илимий мийнетлерде өзбек әдебиятында драматургия тараўындағы трагедия 
жанры ҳәм оның қәлиплесиў дәўири XVIII әсирдиң ақыры XIX әсирдиң басларында 
жүзеге келген шығармалар тийкарында талқыланып келинбекте. 
Өзбек әдебиятында биринши трагедия М. Беҳбудийдиң «Падаркуш» пьесасынан басла-
нады, 1913-жылы Самарқандда басылған бул пьесаны автор «үш перде, төрт көринисли 
миллий биринши фожиадыр» деп атаған. Ал басқа дереклерде өзбек әдебиятында дәслепки 
тарийхый трагедия сыпатында А. Фитратнинг Абулфайзхон трагедиясы тән алынған. 
[2:43] Драматург М.Беҳбудийдиң «Падаркуш» пьесасына өзбек әдебияты илимпазы 
Б.Имомов өзиниң «Трагедия ҳәм характер» атлы монографиясында «Падаркуш» трагедия 
дәрежесинде жаратылмағанлығын, автор трагедияны жүзеки, сыртқы тәрептен –физикалық 
өлимнен ибарат деп түсингенлигин» атап өтеди. Илимпаздың бул пикирлеринде жан бар 
әлбетте. Себеби физикалық өлимди жанрдың бас қәсийети деп түсинбеўимиз керек. Буған 
антик әдебият үлгиси болған Софоклдиң «Шаҳ Эдип» трагедиясы мысал бола алады. 
Өзбек әдебияты драматургиясы тарийхында буннан тысқары, Туйғунның «Баҳадыр» 
(1938) шығармасы трагедия белгиси астында пайда болған. Лекин онда мақсетти ашыўшы 
трагедиялық коллизия сәўлеленбеген. Пьесада зәҳәрлениў ақыбетинде, күтилмегенде жүз 
беретуғын апатшылықлар, қаҳарманлардың қайғылы ситуациялары көрсетилмегенлигинен 
оқыўшыда қызығыў, ашыныў оятпайды. 
«Баҳадыр» әўўеле драма сыпатында тәжирийбе тәрепинен бираз ақсайды. Онда тра-
гизмге сай айырым элементлер барлығына қарамай, бул пьеса трагедия үлгиси бола ал-
майды. [1:54] 
Буннан тысқары, өзбек әдебияты драматургиясында гә драма, гә трагедия аталып келин-
ген М.Шайхзоданың «Жалолиддин Мангуберди», «Мырза Улуғбек» (1961) Уйғунның «Абу 
Райҳан Беруний» (1973) трагедиялары халық, ўатан тарийхында салмақлы роль ойнаған 
шахслар хызмети ҳәм инсанпәрўарлығын көркемлеп көрсетиўде, өзбек әдебиятында 
трагедия жанрының раўажланғанлығын көрсетиўде «Бай ҳәм хызметши», «Гүлсара», 
«Муқанна», «Алишер Наўайы» сыяқлы пьесаларынан кейинги пайда болған дүрдана 
шығармалар қатарында турады. Бул шығармалар өзбек әдебияты драматургиясының тра-
гедия жанрындағы баркамал үлгилери болып есапланады. 
Пайдаланылған әдебиятлар
1. Бул ҳаққында қараң: Имомов Бердиали. Трагедия ҳәм характер. Әдебият ҳәм санъат 
баспасы, Т., 1977. 
2. Бул ҳаққында қараң: Одилова Н. Драматургия асослари. Ўқув қулланма. Т:-2008.


41

Download 1.81 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   34   35   36   37   38   39   40   41   ...   87




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling