ЖурналистикағА ҚӘдем нөкис 2021 удк


Download 0.52 Mb.
bet9/15
Sana17.06.2023
Hajmi0.52 Mb.
#1527329
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   15
Bog'liq
KITAP

Китап дегенимиз – ертедеги анықламасы бойынша 48 беттен кем болмаған баспа өними. Егер 48 беттен кем болса-брошюра деп аталады. Китап баспасы булардан тысқары альбомлар, бүклетлер, плакат, ноталар да шығарады.
Китап шығарыўға жүдә көп ўақыт сарыпланады. Оның авторы баспа редакциясына өз шығармасын әкелгеннен кейин, оны тийисли қәнигелер оқып рецензия береди.Оннан кейин китаптың техникалық редакторлаў ҳәм корректура процеслеринен өтип, соңында китап деп аталатуғын таяр өним болып шығады.
Және бир мәртебе еслетип өтетүғын болсақ, Қарақалпақстанда китап шығарыў менен тийкарынан «Қарақалпақстан», «Билим» баспалары шуғылланады. Өзбекстан бойынша ҳәзир 40 тан аслам баспада 170 млн. тирfжда китап басып шығарылады.
Ҳәр тәреплеме анализленген, турмыслық ҳәм илимий дереклерге тийкарланған информация бериўде китаптың орнын басқа ҳеш бир ғалаба хабар қүраллары баса алмайды. Ол қәлеген ўақытта қолына алып көриўге болатүғын дәрек, ол мәңгиликке жолдас болып есапланады.
Күнделикли баспа сөз. Бул – оны шөлкемлестириўши тәрепинен ҳәр күни, ҳәптеге үш рет, ҳәптелик ямаса айына бир рет түрақлы турде басып шығарылатуғын өним. Оның оқыўшысы өзи алатуғын басылымының жыл даўамында қайсы ўақытта шығатуғынын билип, күтип отырады. Бул өнимлер, әлбетте, типографиялық усылда көп нусқада шығарылады. Соның ушын да күнделикли баспа сөз (периодическая печать, вақтли мадбуот) деп аталады.
Газеталар, ҳәптеликлер- тийкарынан күнниң жаңалықлары ҳәм өз оқыўшысының талапларына қарай зәрүрли материаллар, түрли жанрдағы мақалалар берип барады.
Журнал- газетаның ўазыйпасын және де толықтырыўшы болып есапланады. Ол газеталардағыдай бүгинги күнниң оператив материалларына емес, ал оқыўшыға кеңнен, тереңирек түсиник беретуғын материалларды жәриялаў менен шуғылланады. Деген менен, олардың арасында уқсаслық пенен бирин-бири толықтырыўлар қатар өмир сүреди. Егер газеталардың көлеми 2 полосадан 100 полосаға дейин болыўы мүмкин десек, журналлардың көлеми бир баспа табақтан басланып, алға қойған ўазыйпасына қарай өсип барыўы мүмкин.

Download 0.52 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   15




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling