ЖурналистикағА ҚӘдем нөкис 2021 удк
Газеталар бир неше типлерге бөлинеди. Республикалық, яғный мәмлекет көлеминде тарқалатуғын газеталар
Download 0.52 Mb.
|
KITAP
Газеталар бир неше типлерге бөлинеди.
Республикалық, яғный мәмлекет көлеминде тарқалатуғын газеталар. Олар өлериниң шөлкемлестириўшиси болған ҳүкимет, сиясий партиялар, республикалық тараўлардың қарарларын, президент пәрманларын, нызамлық актлер менен илимий-методикалық қолланба ҳәм режелерди республиканың барлық аймақларына жеткереди. Сонлықтан да олар көп нусқада шығарылады. Олардың ҳәр бир ўәлаят ҳәм ири қалаларда хабаршылар постлары болып, орынлардағы жаңалықларды солар арқалы алады ҳәм шөлкемлестириўшилик жумысларын жүргизеди. Мәселен, ҳәзирги ўақытта елимиз пайтахты Ташкенте басылып, тарқатылатуғын Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси, Министрлер Кабинетиниң газеталары болған «Халқ сўзи», «Народное слово», «Правда Востока», сиясый партиялардың газеталары «Ўзбекстон овози», «XXI аср», «Тафаккур», «Адолат», республикалық тараўлар есапланған- Кәсиплик аўқамы федерациясының «Инсон ва қонун», «Постда», аўыл хожалығы министрлигиниң «Марифат» ҳәм басқа да көплеген газеталар, сыртқы ислер министрлигиниң елимизди дүньяның басқа еллерине таныстырыўға бағдарлап шет тиллерде шығатуғын газета ҳәм бюллетеньлерин, көп санлы журналларда атап көрсетиўге болады. Өзбекстан Республикасында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Ташкент қаласы менен бирге 14 ўәлаятлық аймақларда республика ҳәм ўәлаят көлеминде тарқатылатуғын газета-журналлар шығып турыпты. Олардың тийкарғы шөлкемлестириўшилери Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен редакциялардың дөретиўшилик жәмәәтлери болып есапланады. Бул басылымлар да өзиниң шөлкемлестириўшиси болған жоқарғы органларының экономикалық сиясый ҳәм социаллық мәселелерге арналған директивалық ҳүжжетлерин өз аймағы көлеминде халық массасына жеткереди, регионда реформаларды иске асырыўға ғалаба ат салысады. Соның менен бирге, тараўлық жеке исбилерменлик ҳәм коммерциялық бағдардағы бир неше онлаған газета-журналлар да өз оқыўшы қәўимине ийе. Мине, тап усы тақлетте қалалық ҳәм районлық көлемлерде де газеталар, көп тиражлы басылымлар жарық көреди. Олардың барлығы өз жумыс режелерин «Ғалаба хабар қураллары ҳаққында» ғы Нызам тийкарында, еркин, журналистлик этикаға муўапық, журналистиканың жанрлары ҳәм ишки қағыйдаларын сақлаған ҳалда хизмет көрсетеди. Ҳәптелик газеталар- көлеми бойынша күнделикли газеталардан үлкен, ўазыйпасы бойынша газета менен журнал ортасындағы бослықты толтырыўшы, күнделик сиясый, халық аралық ўақыяларды қамтыйтуғын баспа өними болып есапланады. Мәселен, Ташкентте басылатуғын «Ўзбекистон адабиёты ва саньати», «Ойла ва жамият», «Жамият», «Маърифат» ҳәптеликлери усаған бир неше басылымларды келтириўимиз мүмкин. Күнделикли баспа сөздиң бул түри бурыңғы аўқам ўақтында, өткен әсирдиң 60 жыллары пайда болып, ҳәзир ғалаба ен жайды. Олардың саны көбейип атыр. Ҳәптеликлер массалық ҳәм қәнигелескен аудиторияға бағдарланған болып, белгили бир тараўдың газетасы болыўы мүмкин. Олардың барлығында да жаңалықлар, хроника, сиясый редакциялар болады ҳәм ҳәптелик жаңалықларға шолыў жасап, өз оқыўшысын хабардар етип барады. Download 0.52 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling