ЖурналистикағА ҚӘдем нөкис 2021 удк


Ким, қайткенде ҳақықый еркинликке ерискен болады?


Download 0.52 Mb.
bet13/15
Sana17.06.2023
Hajmi0.52 Mb.
#1527329
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   15
Bog'liq
KITAP

Ким, қайткенде ҳақықый еркинликке ерискен болады? -деген сораўға тәбиятта ҳәм жәмийетте қәлиплескен нызамлылыклар менен уйғынласқан, ҳәр тәреплеме терең ҳәм избе-из билимге ийе болған, алға қойған мақсети социаллық прогресс ушын хызмет ететуғын адам ғана еркинликке ерискен болады. Журналист жоқарыдағы нызамлылықлар ҳәм жәмийет ағзалары алдында ҳуқықый және әдеп-икрамлылық нормалары бойынша жуўапкер есапланады.
Өзбекстан Республикасы 1991-жылдың 1-сентябрьинде өз ғәрезсизлигине ерискеннен кейин дүньядағы раўажланған алдынғы мәмлекетлер тәжирийбеси улыўмаластырылып, экономиканы базар қатнасықлары тийкарында жүргизиў, жәмийетти демократияластырыў, ҳуқықый мәмлекет қурыў жолына өтти. Барлық нызамлық актлер усы тийкарда қайта қарап шығылды. Ҳәр бир пуқараның, ғалаба хабар қураллары ҳәм журналисттиң конституциялық ҳуқықларын қорғаў, олардың өзлериниң қол қатылмаслығы ҳәм еркин дөретиўшилик мийнет пенен шуғылланыўына мүмкиншиликлер туўдырылып, бул мәмлекетлик сиясатқа айланды.

Қабыл етилген нызам ҳәм ҳуқықый актлер халық аралық ҳуқықый тийкарларға, стандартларға сәйкеслендирилди. Соның менен бирге Инсан ҳуқықларының жер жүзилик Декларациясы, Пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар ҳаққындағы халықаралық Пакт, Өзбекстан Республикасының халықаралық шөлкемлер ҳәм басқа да мәмлекетлер менен мәлимлеме алмасыўы бойынша бир қатар шәртнамалар дүзилди.


Усы жерде жоқарыда атап өтилген халық аралық еки хүжжеттен мысаллар келтирип өтейик.
Инсан ҳуқықларының жер жүзилик Декларациясында« «Ҳәр бир инсан өзиниң исенимлери еркинлиги ҳәм оны еркин билдириў хуқықына ийе, бул хуқық ҳеш қандай иркинишлерсиз өз исенимине әмел қылыў еркинлиги менен бирге, мәлимлеме, хабар ҳәм идеяларды ҳәр қандай мәлимлеме қуралы арқалы мәмлекет шегараларынан бийғәрез излеў, алыў ҳәм тарқатыў еркинлигин өз ишине алады»,—делинген.
Тап усы мәселе пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар ҳаққындағы халық аралық Пакттиң 19-статьясында және де анығырақ баян етилген. Онда «Ҳәр бир инсан өз пикирин еркин баян етиў хуқықына ийе, бул хуқық ... түрли мәлимлеме хабар ҳәм идеяларды излеў, алыў ҳәм тартқатыў еркинлигин өз ишине қамтып алады»,—деп көрсетиледи.
Ҳәммемизге мәлим, Өзбекстан Республикасының Конституциясы мәмлекетимиздиң тийкарғы нызамы болып, қалған барлық нызамларымыз Конституция тийкарында қабыл етилип, ҳәр бир ҳуқықый норма оның статьяларына сәйкеслестириледи, оған қайшы келмеўи керек. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 29-статьясында «Ҳәр ким пикир жүритиў, сөз ҳәм ҳүждан еркинлиги ҳуқықына ийе. Ҳәр ким өзи қәлеген мәлимлемени излеў, алыў ҳәм тарқатыў ҳуқықына ийе, ҳәрекеттеги конституциялық дүзимге қарсы қаратылған мәлимлеме ҳәм нызам менен белгиленген басқа шеклеўлер буған кирмейди. Пикир жүргизиў ҳәм оны дәлийллеў еркинлиги тек ғана мәмлекетлик сыр ҳәм басқа сырларға тийисли болған тәғдирде ғана нызам менен шеклениўи мүмкин»,— деп атап көрсетилген.
Енди, Конституциямыздың XV бабы «Ғалаба хабар кураллары» деп аталып, оның 67-статьясында болса: «Ғалаба хабар қураллары еркин ҳәм нызамға муўапық ислейди. Олар мәлимлемелердиң дурыслығы ушын белгиленген тәртипте жуўапкер. Цензураға жол қойылмайды»,—деп көрсетиледи.
Пуқаралардың ҳуқықлары менен мәнпәәтлерине байланыслы болған мағлыўматлар менен танысыў имканияты Конституциямыздьң 30-статьясында былайынша ашық-айдын көрсетиледи: «Өзбекстан Республикасының барлық мәмлекетлик органлары, жәмәәтлик бирлеспелери ҳәм мәнсапдар шахслары пуқараларға олардыц ҳуқық ҳәм менпәәтлерине байланыслы болған ҳүжжетлер, қарарлар ҳәм басқа материаллар менен танысып шығыў мүмкиншилиган жаратып бериўи лазым».
Солай етип, бизиң елимиз ғәрезсизликке ерискен жыллар ишинде ғалаба хабар қуралларында сөз ҳәм ҳүждан еркинлиги, оны халық аралық стандартларға тенлестириў, журналистлердиң еркин дөретиўшилик жумыс пенен шуғылланыўы ушын тараўды және де жетилистириў, оны жоқары технологиялық жетискенликлер менен тәмийнлеў, журналистлердиң дүнья жүзилик аренаға шығыўлары, баспа сөз өндириси менен ғалаба хабар қуралларыньщ сапалы өним ҳәм оператив мәлимлемелерин бәсекилеслик дәрежесине көтериў бойынша 13 нызам, 5 арнаўлы нызамлар, Президентимиздиң 7 пәрманы қабыл етилип, 15 ҳәр қыйлы илажлар, жәми бул жыллар ишинде 40 тан аслам нызам ҳәм нызамлық актлер қабыл етилди Булардың барлығы, бүгинги күни ҳәр бир журналисттиң өз кәсиплик хызмети ҳәм пуқаралық ҳуқықларын қорғаўға хызмет етип, бул тараўдың заман талапларына сай раўажланыўы ушын ҳәр тәреплеме мүмкиншиликлер жаратпақта.
Бурынғы советлик аўқам дүзими ўақтында да барлық мәмлекетлик нызам ҳәм ҳуқықый актлерде сөз, баспасөз еркинлиги ҳаққында анық көрсетпелер бар еди. Бирақ, мәселе ашшы ҳақыйқатлықты айтыўға келгенде ҳүкимран компартия араласып, оның талапларына сай келмесе бастырылып қалатуғын, соның ушын да лаўазымлы шахслар журналистке көп мағлыўматларды жоқарыдан сорамай, рухсатсыз бере алмайтуғын, берген тәғдирде де ҳүкиметтиң атынан ҳәрекет еткени менен партияға жалтаң цензурадан өтпейтуғын еди.
Жоқарыдағы Конституциялық нызамларда бул мәселе ашық - айдын көрсетилген. Егер де, кимде-ким оның талапларын бузса, бул мәселе енди партия шөлкеми арқалы емес, ал суд ямаса ҳәкимиятлық тәсир жасаў арқалы шешиледи. Мәселен, 2008-жылдың сентябрь айының соңғы күнлери «Қарақалпақстан жаслары» газетасының жуўаплы хаткери С.Ажимов «Камолот» жәмийетлик ҳәрекетиниң Ташкентте шығатуғын «Туркстон» газетасының тапсырмасы бойынша Нөкис қаласындағы емлеў мәкемелериниң бирине барып мәлимлеме сорағанда, оның басшысы өзиниң баспасөз ҳаққындағы нызамлардан хабарсызлығын көрсетип, мәлимлеме бериўден бас тартқан. Журналист оның нызамға қайшы ҳәрекетлерин қол телефонына сөзи менен қоса жазып, министрликке барғанында, ол жердеги басшылар жоқарыдағы емлеў мәкемеси басшысын административлик тәртипке шақырған. Бундай мысаллар журналистлеримиздиң күнделикли турмысында еле де болса ушырасып турады. Сондай ўақытта журналисттен өзиниң ҳуқыкларын, ҳүждан еркинлигин қорғаў ушын табанлылық талап етиледи.

Download 0.52 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   15




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling