ЖурналистикағА ҚӘдем нөкис 2021 удк
Журналистлик тәлим. Кадрлар таярлаў орайлары
Download 0.52 Mb.
|
KITAP
Журналистлик тәлим. Кадрлар таярлаў орайлары.
Журналистлик кәсип шахстың жеке илимий таярлығы, дөретиўшилик таланты, сиясий, философиялық ой-өриси менен көз-қарасы, принципиаллығы усаған бир қанша көрсеткишлерге байланыслы болып, редакция менен ислесиў көнликпелеринен өткеннен кейин бир қатар адамларда жазыў қәбилети жетилисип барады. Дүньяға белгили ири ғалаба хабар редакцияларында журналистикадан узақ болған басқа кәсип ийелери де, өзлериниң тийкарғы кәсиплери ҳәм сиясий мәселелер бойынша шолыўшы (обозреватель), аналитик мақалалар ҳәм белгили бир тараў проблемаларын көтерип шығатуғын журналистлер болып қәлиплеседи. Бул, әсиресе, радио ҳәм телевидение баслаўшылары, баспа сөзде экономикалық ҳәм сиясий редакцияларда көбирек ушырасады. Журналистикада ең жайған усындай қәнигелесиўшилик қубылысларын көрген бир қатар адамлар, журналист кадрларды таярлаў ушын университетлерде арнаўлы факультет ҳәм бөлимлер ашыў шәрт пе, деген сораўлар береди. Ҳақыйқатында да, журналист болып жетилисиў ушын оған лицензия, арнаўлы диплом яки сертификат талап етилмейди. Көпшилик редакциялардың үштен биринде, ал жергилили ғалаба хабар редакцияларында хызметкерлердиң тең жартысынан көбиреги басқа кәсип ийелери. Олар да, өзлериниң қурбы жеткенше өз оқыўшыларына белгиленген мүддетте журналистлик өнимлерин жеткерип тур. Егер олардағы оперативлилик, әдебий-көркем шеберлик, дизайн дәрежелерин есапқа алмағанда, жоқарыдағыдай сораў туўылыўы тәбийий. Буннан төрт әсир бурын, дүньяның дәслепки раўажланыў жолына түскен алдыңғы еллеринде пайда болып, өткен дәўир ишинде адамзаттың күнделикли зәрүрли хызмет түрине, раўажлана келе жер жүзин қаплаған үлкен тармаққа айланған журналистика күн санап, көрилмеген дәрежеде ең жайып бармақта. Ол мәмлекетлик басқарыў ҳәкимиятына да, оған оппозициялық күшлерге де хызмет етиў менен бирге, халықты күнделикли информацияға үйреткенлиги соншелли, жәмийет ағзаларының басым көпшилиги медиа базарға қалай киргенин билмей де қалды. Енди жәмийетшилик күнделикли мәлимлемелер ағымы ҳәм ғалаба хабар қуралларының өнимлерин қулақ түрип күтип отыратуғын болды. Бундай улыўма инсаныйлық зәрүриятқа айланыўы—информацияларды тасыўшы ҳәм жеткериўши жаңа жоқары технологиялардың гүрлеп раўажланыўына алып келди. Солай етип, «XXI әсир информация әсири» болып аталды. Журналистикада күн санап модернизация, илимий ҳәм әмелий жетилистирилиў процесси кең қәдем таслап, жәмийеттеги үлкен сиясий ҳәм социаллық ҳәрекетке келтириўши күшке айланды. Раўажланыўдың демократиялық жолына түскен еллерде хәкимият пенен жәмийет ҳәм оның ағзалары арасындағы өз-ара байланыстырыўшы ғана емес, жүрип атырған сиясий процесске тәсир жасаў, сол арқалы ҳәкимиятты басқарыў ислерине қатнасыўшы да болмақта. Енди, журналистика (ғалаба хабар қураллары) елди басқаратуғын нызам шығарыў, суд, атқарыўшы ҳәкимият органларынан кейинги «төртинши хәкимият» сыпатында мойынланыў дәрежесине еристи. Мине, усылайынша, бүгинги күнге келип, журналистлик кәсипке университетлерде оқытыў керекпе деген сораў орнына, ҳәзирги хәрекет етип турған жоқары оқыў орынларының. журналистика факультетлериндеги оқытыў сапасы оқытыўшылардың, теориялык сабақлықлар менен әмелий методикалык билимлендириўдиң дәрежеси ҳәзирги заманға сай журналистлер таярлаў талапларына жуўап бере ме деген сораўға өзгерди. Жоқары билимлендириўдиң илимий кафедралары мине, усы талаплар дәрежесинде оқытыўдың жаңа методикалары үстинде ислеп, материаллық базаны сәйкеслеп жетилистириў бағдарында тынымсыз излениўде. Арнаўлы қәнигеликке ийе газета хызметкерлерин таяраў АҚШта XIX әсирдиң 70 жылларынан басланды. Дәслеп арнаўлы курс сыпатында редакциялар қапталында басланған ҳәрекетлер даўамы 1893 жылы Пенсильвания университетинде биринши болып арнаўлы курс ашыльўына лып келди. Буннан кейин Европаның бир қатар еллеринде изли-изинен усындай оқыў курслары пайда болды. Солай етип, баспа сөзге қәнигели кадрлар таярлаў иси тереңлесип бара берди. Нәтийжеде, XIX әсирдин, сонғы жылына келип, Лиссобонда халық аралық журналистлер шөлкеми өзиниң V Конгресине жыйналып, тийкарғы мәселелердиң бири сыпатында Франция мәмлекетинде газета хызметкерлерин оқытыў тәжирийбеси хәм қол мийнети өнери ретинде када жазыў, телеграфта ислей билиў, мақаланы жазыў ҳәм оны редакторлай билиўге шыныктырыўды да қоса оқытыў мәселелерин додалады. Download 0.52 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling