ЖурналистикағА ҚӘдем нөкис 2021 удк
Фондтың алдына қойған тийкарғы ўазыйпасы ҳәм ураны
Download 0.52 Mb.
|
KITAP
- Bu sahifa navigatsiya:
- «Түркстан пресс»
- ЖУРНАЛИСТИКАНЫҢ МӘЛИМЛЕМЕ ХЫЗМЕТИ СЫПАТЫНДА ҚӘЛИПЛЕСИЎИ а)
- Жәмийет раўажланыўындағы орны.
- «асыраўшы тәңири» Меркурий
- «курьер»
Фондтың алдына қойған тийкарғы ўазыйпасы ҳәм ураны:
- жуўапкершилик ҳәм жокары профессионаллық шеберлик; - қалыслық ҳәм ҳақыйқатлық; - пикир жүритиўлерде ашық-айдынлық; - ғәрезсиз ҳәм еркин қәлем тербетиў. Ҳәзирги ўақытта Фондтың Қарақалпақстан Республикасы, Андижан, Самарканд, Қашқадәрья ўалаятлық газеталары редакцияларының жанында журналистлердиң билимин арттырыў бойынша жоқары курсы шөлкемлестирилген. Көп ғана қала ҳәм районлық, сондай-ақ жеке меншик газеталарының редакциялары Фондтың грантлары тийкарында өзлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеп атыр. Сондай-ақ усындай оқыўлар «Түркстан пресс» мәмлекетлик емес агентлиги, «Маърифат», «Жамият», «Бизнес вестник Востока», «Uzbekistan Today» газеталары жанында да шөлкемлестирилген. 2004-жылы Өзбекстан журналистлериниң дөретиўшилик аўқамы дүзилди. Ҳәзирги ўақытта бул Өзбекстан миллий журналистикасын халық аралық дәрежеде раўажландырыўға бағышланған күнделикли шөлкемлестириў жумысын жүргизбекте. Бул исте журналистлер аўқамы менен бирге Фонд ҳәм Өзбекстан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы, Республикалық «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекети ҳәм түрли министрлик және ведомстволар менен бирге ҳәр қыйлы конкурслар, халық аралық әнжуманлар шөлкемлесстириў ҳ.т.б. илажлар өткереди. ЖУРНАЛИСТИКАНЫҢ МӘЛИМЛЕМЕ ХЫЗМЕТИ СЫПАТЫНДА ҚӘЛИПЛЕСИЎИ а) Журналистиканың кәсип сыпатында қәлиплесиўине болған зәрүрликлер. б) Жәмийет раўажланыўындағы орны. Адамзат турақлы орынларда жасап, алғашқы жәмийет дүзиўди баслағаннан берги жағында өз-ара пикир алмасыў, мәлимлеме ҳәм жаңа хабарлар жеткериў зәрүрлиги пайда болды. Ал, басқарыўдың дәслепки мәмлекетлик формаларының қәлиплесе баслаўы менен шар тәрепке хабар жибериў, адамларды жыйнап, болып атырған ўақыялардан хабардар етиў, оларға ўазыйпалар жүклеў, тәртип-интизамға шақырыў зәрүрлиги келип шықгы. Бул дәслебинде ўаз айтыўшылар, соңғылығында басқарыў ҳәкимиятының ўәкиллери тәрепинен жүргизилди. Оларды ораторлар, шабарманлар, жаршылар деп атады. Соң, динниң пайда болыўы менен оларға диний үгит-нәсиятлар қосылды. Әййемги грек—рим мифологиясында қудайлардың хабаршылары тилге алынады. Олардың «асыраўшы тәңири» Меркурий болып есапланады. Меркурий—әййемги Рим әпсаналарында (грек мифологиясында—Гермес) қудайлардың бириниц аты. Ол әўели мал-ҳайўанатлар қудайы болып, падашыларға қәўендер болған. Ал, Гомер дәстанларында Зевс қудайдың шабарманы, хабаршысы, жаршысы Гермес деп те аталып, саяхатшылар қудайы болып та есапланады. Ол палўанлардың, гимнастлардың пири. Оның мүсинлери гүреске, мушласыўға, диск ылақтырыўға, жуўырыўға, секириўге таярлық көрилетуғын жерлерге қойылған. Соңғылында журналистика лексикалогиясындағы «курьер» - шабарман, «герольд» - жаршы, хабаршы, «трибун» сөзлери усы Гермес, Меркурийден келип шыққан. Бара-бара аўызша сөздиң өмири қысқа екенлиги сезиле баслады. Әййемги әпсаналарда айтылыўына қарағанда, греклер парсылардың үстинен ерисилген жеңистиң хабарын жеткериў ушын жиберилген жаўынгер Марафон деген жерден Афинаға дейин (бул аралық 42 шақырым 195 метрге тең болған) жуўырып келип, жан тапсырған екен. Соннан бери ең узын аралыққа жуўыратуғын спорт жарыслары сол грек жаўынгериниң хүрметине Марафон жуўырыўы деп айтылады. Оның узынлығы 42 шақырым 195 метрге, ал шаңғыда (лыжада) жуўырыў 50 шақырымға тең. Әййемги Рим тарийхшылары бизиң эрамызға дейинги I әсирлерде ҳүким сүрген Юлий Цезарь заманында биринши жазба мағлыўматлардың пайда болғанлығын мәлимлеген. Соңғылығында Япония, Англия, Россияда ылайдан жасалған гүлал тахташаларда мағлыўматлар жазба түрде жеткерилген. Солай етип, енди ораторлар, жаршылар, хабаршыларға хат тасыўшы, шабарман (почта) хызмети келип қосылған. Жәмийетте халықты мәмлекетлик басқарыў формаларының жетилисип барыўы менен баспа сөзди раўажландырыў, оны көп тиражлы етип тарқатыў зәрүрлиги пайда болған болса, ол өз гезегинде усы баспа қуралларына мағлыўматлар, баянатлар ҳәм жаңалыклар таярлаўшы белгили бир қәбилетке, уқыпқа ийе хызметкерлерге, яғный ҳәзирги атамасы менен айтқанда, журналистлерге ҳәм журналистикаға болған зәрүрликти келтирип шығарды. Ал, адамлар, халықлар, еллер, мәмлекетлер арасында пайда болған хабар жибериўге, алыўға, алмасыўға болған зәрүрлик бәрҳәма қандай да бир мақсетти - әдеп-икрамлылық (грек жаўынгериниң мойнына алған жуўапкершиликке қатнасын еслейик), экономикалық, сиясий, дипломатиялық, материаллық ҳәм басқа да мәплерди гөзлейди. Усы көз қарастан, ҳәр қандай хабар өз баҳасына, өз қунлылығына ийе болады. Сонлықтан да, газета, журнал, китап басып шығарыў үлкен руўхый ҳәм материаллық байлықлар менен тығыз байланыслы, олардан ғәрезли. Мине, усы жағдай соңғы еки әсир даўамында журналистиканы тез пәт пенен алға раўажландырып жиберди. Download 0.52 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling