ЖурналистикағА ҚӘдем нөкис 2021 удк


Download 0.52 Mb.
bet7/15
Sana17.06.2023
Hajmi0.52 Mb.
#1527329
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   15
Bog'liq
KITAP

1931-жылдың февралында «Жас Ленинши» (ҳәзирги «Қарақалпақстан Жаслары»), 1932-жылы январьда «Жеткиншек» газеталары, 1933-жылы «Әмиўдәрья» журналы жарық көреди. Солай етип, Қарақалпақстанда баспа индустриясы, журналистика тараўы ҳәм журналист кәсиби кең қулаш жайып раўажлана баслайды.
Өзбекстан радиосы өзиниң биринши еситтириўлерин 1927-жылы, Қарақалпақстан радиосы 1932-жылы баслаған болса, Телевидение көрсетиўлери Ташкентте 1953-жылы, ал 1964-жылы Нөкис ҳәм Үргениш қалаларында дәслепки көрсетиўлерин эфирге шығарды. Бүгинги күнге келип Өзбекстанда студиялар саны 51 ге жетти.
2008-жылдың 1-июлына Өзбекстан Республикасында дизимнен өткен 1070 ғалаба хабар қураллары ислеп тур. Баспалардың саны 81 ге жетти. Олардың бәринде де елимизде ҳүким сүрип турған еркинлик ҳәм ғәрезсизлик тийкарында жер жүзилик цивилизацияға аяқ қосып, избе—из раўажланыў процесси жүрип атыр.
Ҳәзирги күнде 380 ғалаба хабар қураллары, 40 тан аслам баспа жеке меншик жәмәәт түринде дөретиўшилик мийнет жүргизбекте.
Өзбекстанда 1200 баспахана—полиграфия кәрханасы бар. Олар бир жылда орташа есап пенен 170 млн. нусқадан ибарат китап, газета, журнал ҳәм басқа да полиграфиялық өнимлер басып шығарады. («Ўзбекистон матбуоти» журналы 2008-жыл 4 саны, 5 - бет).
Бүгинги күни (2008-жыл, сентябрь) Қарақалпақстанда 5 республикалық, 15 тараўлық, 14 районлық, 2 қалалық, 3 коммерциялық газеталар, бир бюллетень, Хабар агентлиги, 7 журнал, мәмлекетлик телерадиоканалы, Төрткүл, Елликқала районларында жергиликли телевидение ислеп тур.
Академик А.И.Берг: «Адам узақ ўақыт даўамында сыртқы
дүнья менен тек үзликсиз информациялық (хабар ҳәм мәлимлеме) байланыста болса ғана дурыс пикир жүрите алатуғыны
тәжирийбеде тиккелей дәлилленген. Сыртқы дүньядан бийхабар, бөлинип қалыўдан ақылсызлық басланады. Бизиң планетамызда адам өмири ушын азық-аўқат ҳәм жыллы үй, соның
менен қатар, энергетикалық майдан қандай зәрүр болса,
информациялық, адам ой-өрисин байланыстырыўшы дәнекер
хызметин атқаратуғын ҳәр тәреплеме хабардарлық та соншелли зәрүр»1—деп жазған еди.
Елимиз Конституциясы тийкарында баспа сөз еркинлиги, журналисттиң ҳуқықын қорғаў, оған керекли информация топлаў еркинлиги ҳәм талап етиў ҳуқықы нызам менен белгиленген. Журналистлерди қоллап қуўатлаўшы жәмийетлик шөлкемлер, дөретиўшилик аўқамлары менен фондлары усаған социаллық институтлар дүзилген.
Прогрессив идеялар менен суўғарылған Өзбекстан журналистикасы халықтың мәплери, жәмийеттиң ҳақықый зәрүрликлерин сәўлелендириў арқалы мәмлекеттеги нызамшылық, атқарыўшы ҳәм суд ҳәкимиятларынан кейинги «төртинши ҳәкимият» дәрежесине көтерилди.



Download 0.52 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   15




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling