ЖурналистикағА ҚӘдем нөкис 2021 удк
Download 0.52 Mb.
|
KITAP
- Bu sahifa navigatsiya:
- «Тараққий» газетасы
- «Тараққий» газетасының биринши саны жарық көрген күн 27- июнь «Өзбекстан баспа сөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметке рлери күни»
- «Б атрақлар ҳақыйқаты»
Өзбекстанда XIX әсирдиң 70-жылларынан баслап Түркистан генерал-губернаторы «Туркистанские ведомости» (1870-1917), «Туркистан вилоятининг газетасин» шығара баслаған. Бул еки газетадан тысқары 1917-жылға дейин түрли ўақытларда, русша, өзбекше, қырғыз ҳәм тәжик тиллеринде түрли басылымлар шығып турған. Сондай-ақ сол дәўир аралығында Ташкент, Самарқанд, Ашхабад, Қоқан, Андижан Ферғана, Бухарада 100 ден артық газеталар шығарылған Олардың халыққа кеңирек тарқалғанларынан: «Ўрта Осиёнинг умр гўзарлиги», «Таракқий», «Улуғ Туркистон», «Турк эли» ҳәм басқалар еди. Солай етип, Өзбекстанда турақлы шығатуғын күнделикли баспа сөз пайда болды.
«Тараққий» газетасы «Тараққий» газетасы 1906-жылдың 27-июни күнинен шыға баслады. Ол өзи шығып турған қысқа ўақыт ишинде (август айына дейин) халық мәпин қорғаўшы, жаңа заман руўқында ҳуқуқый алға раўажланыў идеясын көтерип шықты. Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен «Тараққий» газетасының биринши саны жарық көрген күн 27-июнь «Өзбекстан баспа сөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» болып белгиленди. Қарақалпақстанда миллий газетаның рәсмий шығыўы 1924-жылдан басланады. 1924-жылы Қарақалпақстан Автономиялы областы (ҚҚАО) дүзилгеннен кейин сол жылы 23-ноябрьде «ҚҚАО ның газетасын шығарыў ҳаққында» мәселе қаралады. Онда көрсетилиўинше 1924-жылдың 1-декабрине «Батрақлар ҳақыйқаты» газетасы шығыўы керек еди. Соң 18-декабрьде газетаның атамасы «Еркин Қарақалпақ» болып макулланады. Оның жуўаплы редакторы болып Әбиў Қудабаев, ал Хожели аймақлық Халық билимлендириў бөлиниц инспекторы САғайдаров орьшбасары болъш белгиленеди Сол ўақытта, Төрткүл қаласында ислеп турған типография окгябрь айында «баспашылардың» топылысынан кейин истен шығып қалады. Солай етип, газетаның дәслепки саны декабрь айыныц ақырында Хожелиде, литографиялық усылда (тас баспа) басылады. Көпузамай,Төрткүл ҳәм Хожели қалаларындағы ҳәрип териўши ҳәм басқа да қәнигелер бир жерге топланып, миллий типография дүзиледи ҳәм баспа жумысы басланады. Ол ўақытлары елдеги сиясий жағдай жүдә аўыр еди. Басшылардың көпшилиги исши-дийқанлардан жәмленген болып, дәўир сиясатына қәлиплесиў аңсат емес еди. Көп узамай елде колхозластырыў (бул, русша «коллективное хозяйство, яғный дийқанларды бириктирип жәмәәтлик хожалық дүзиў дегенди аңлатады) мапазы басланып «еркин», «бийғәрез», «ықтыярлы» деген сөзлерди қолланыў еки түрли мәнис бериўи, оны улғайтаман деген адамға «миллетшил» деген уғымға жорыў қәўпи туўды. Сонлықтан да, газетаның атын өзгертиў керек болып, 1928-жылы «Еркин Қарақалпақ» тан «Мийнеткеш Қарақалпақ»қа (1928-1932-жыллар) өзгерип, сол ўақыттағы саўатлы зиялылардан бири болған Тамендер Сафиев жуўаплы редактор болды. Ол киси сол жыллар тарийхында шебер аўдармашы ретинде де қалды. Жоқарыдан рус тилинде келген материаллардың көбисин өзи аўдаратуғын еди. Соң, бул газета атамасы «Қызыл Қарақалпақстан» (1932-1957-жыллар), 1957-жылдан 1991-жылға дейин «СоветҚарақалпақстаны», ал елимиз ғәрезсизлигинен кейин «Еркин Қарақалпақстан»ға (1991-ж) өзгерип, ҳәзир усы ат пенен шығып атыр. Қарақалпақ тилинде туңғыш сабаклықлар Сейфулғабит Мажитов ҳәм Қасым Әўезовлардың үлкен шөлкемлестириўшилик мийнетлери менен 1925-жылы Ташкентте «Егеделер саўаты», «Қарақалпақ тилинде әлипбе» атамаларында басылып шықты. 1928-жылы Төрткүлде «Қарақалпақ әдебияты жыйнағы», 1929-жылы жәмәәтлик авторлар қатнасыўында «Қарақалпақ әлипбеси», «Қарақалпақ тил сабаклығы» (1930-жыл), «Қарақалпақ тилиниң әддуди» (грамматикасы, Москва, 1932-жыл) баспалардан шығарылды. 1930-31 жыллары Төрткүлдеги баспахана «Каракалпакское госиздательство», «Қызыл Қарақалпақстан» (ККГИЗ) деп аталған. Ол, китап басыўға қәнигелескен дәслепки баспа болып, ҳәзирги «Қарақалпақстан» баспасына тийкар салды. 1933-жылдан баслап өз алдына китап шығаратуғын Қарақалпақ мәмлекетлик баспаға айланды. Ҳәзирги ўақытта бизде «Қарақалпақстан» ҳәм «Билим» (1991-жыл) баспалары китап өнимлерин шығарыў менен шуғылланады. 1931-жылдың 9-майында Қарақалпақстан Автономиялы ооласты Атқарыў Комитетиниң мәжилисинде барлық баспа хызметин бирлестириў мәселеси қаралады. Газета, журнал, китап ҳәм сабақлыкларды басып шығарыў және полиграфиялық жумыслар «Мийнеткеш Қарақалпақ» газета-китап шығарыў баспасына бириктириледи. 1931-жылдан «Мийнеткеш Қарақалпақ»қа рус тилинде «Трудовой каракалпак» газетасы қосымша ретинде шығарыла баслайды. Соң ол «Советская Каракалпакия» деген ат пенен өз алдына редакцияға айландырылады. Ҳәзир бул газета «Вести Каракалпакстана» атамасы менен шығып тур. Download 0.52 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling