ЖурналистикағА ҚӘдем нөкис 2021 удк


Ҳүждан еркинлиги деген не?


Download 0.52 Mb.
bet14/15
Sana17.06.2023
Hajmi0.52 Mb.
#1527329
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   15
Bog'liq
KITAP

Ҳүждан еркинлиги деген не?
Ол ҳәр бир инсан турмысының белгили шараятлар тәсиринде шахстың күнделикли турмысы, жәмийетлик хызмети, жәмийеттиң руўхый байлықларын ийелеў, анық бир тәртип, интизам қағыйдаларын ҳәм өлшемлерин толық өзлестирип алыўға умтылыўы барысында пайда болады ҳәм қәлиплеседи. Ҳүждан еркинлиги инсанның шахсий ҳуқық ҳәм еркинликлери ишинде орайлық орында туратуғын қәдирияты есапланады. Оны инсанның мәнеўият әлемин, көзқарасларын белгилеўши, қәлиплестириўши тийкарғы ҳәрекетлери деў мүмкин.
Ҳүждан еркинлиги сиясий, илимий, диний усаған түрлерге бөлинеди. Инсан өз өмири даўамында солардың бир түрине айрықша ықлас қойыўы, сол түрин өзиниң турмыс салты, ҳәрекет өлшеми, мақсет-мураты, умтылыўларын белгилеўши сыпатлар ретинде қабыл етиўи мүмкин.
Бул, ҳәр бир журналисттиң өз өмиринде кәсиплик жетилисиўи, сиясий позициясының қәлиплесиўи ҳәм өз елине, оны өсирип, тәрбиялаған ҳалқына ҳадал хызмет етиўиндеги оның инсаныйлық ўазыйпаларына жетелейтуғын, шақыратуғын маяги болып есапланады.
Солай етип, биз сиз бенен бирге сөз, баспасөз, ҳүждан еркинлиги бойынша улыўма түсиниклерге ийе болдық. Оның өзлеримиз жасап атырған ғәрезсиз мәмлекетимизде қалайынша көринис тапқанын, қабыл етилген нызамларға қысқаша тоқтадық.
«Ғалаба хабар қураллары ҳаққында»ғы 2007-жыл 15-январьдағы (жаңа редакциядағы) нызам, сондай-ақ, «Журналистлик хызметти қорғаў ҳаққында»ғы (1997-жыл, 24-апрель), «Баспа хызмети ҳаққында» (1996-жыл 30-август), «Авторлық ҳуқықы ҳәм түрлес ҳуқықлар…», «Информация еркинлиги принциплери ...», «Компьютерлестириўди және де раўажландырыў…», «Өзбекстанда баспа сөз ҳәм хабар агентлиги…» ҳаққындағы нызамлар бойынша кейинги лекцияларда кеңирек тоқтап өтемиз.
Өзбекстан Республикасының Конституциясы тийкарында қабыл етилген нызамлар, нызамлық нормативлик актлер менен ҳүжжетлер ғалаба хабар қураллары хызметиниң нызамлылық тийкарларын қурайды. Студентлерге жеңилликлер туўдырыў мақсетинде усы нызамлар ҳәм нызамлық актлердиң бир бөлегиниң дизимин келтиремиз.
ҒХҚ тараўын тиккелей тәртипке салыўшы, ҳәзирги ҳәрекеттеги нызамлар (өзбек тилинде, ал Қарақалпақстан Республикасы Жокарғы Кеңеси тәрепинен қабыл етилгенлери қарақалпақ тилинде):
1. «Оммавий ахборот воситалари тўғрисида» (янги таҳрири) 2007-жыл 15-январьда күшке кирген.
Бул нызамның мақсети - ҒХҚ шөлкемлестирилиўи, хызмет көрсетиў ҳәм өз хызметин тоқтатыў қатнасықлары тәртипке салынған. Сондай ақ, сырт еллер ҒХҚ ның өнимлери Өзбекстан Республикасы аймағында тарқатылыўы менен байланыслы болған мәселелердиң шешимлери қабыл етилген. Бул, жаңа редакциядағы нызам ҒХҚ күнделикли тарқатыўдың турақлы атамағы ийе болған ҳәм баспа тәризде (газета, журнал, хабарнамалар, бюллетеньлер ҳ.т.б.) және (ямаса) электронлы (теле, радио, видео, кинохроника дәстүрлер, улыўма пайдаланыўдағы телекоммуникациялар) алты айда кеминде бир мәртебе басып шығарылатуғын, яки эфирге берилетуғын түри ҳәм де ғалаба хабарды күнделикли тарқатыўдың басқа түрлери ғалаба хабар қураллары (ҒХҚ), деп белгилеп қойылған.

  1. «Журналистлик фаолиятини ҳимоя қилиш тўғрисида» Нызам 1997-жыл 24-апрельде қабыл қылынған. Бул нызамда журналистлик хызмет пенен байланыслы пайда болатуғын қатнасықларды тәртипке салыўдың ҳуқықый тийкарлары менен оның ҳуқық ҳәм миннетлери белгиленген, сондай-ақ, журналистке ҳуқықый және социаллық кепилликлер берилиўи де көрсетилген.

  2. «Нашрлик фаолияти туғрисида» Нызам 1996-жыл 30-августта қабыл қылынған. Бул нызам да хабар коммуникация ҳәм баспа медиа базарын раўажландырыўда айрықша әҳмийетке ийе болған нызамлардың бири болып есапланады.

  3. «Муаллифлик ҳуқуқи ва турдош ҳуқуқлар тўғрисида» Нызам 2006-жылдың 20-июлында қабыл етилген. Бул нызамның мақсети илим, әдебият ҳәм сәният шығармаларын (авторлық ҳуқықы), атқарыўшылық, фонограммалар, эфир яки кабель арқалы көрсетиў ямаса еситтириў бериўши шөлкемниң көрсетиўлери менен еситтириўлеринен (түрлес ҳуқықлар) келип шығатуғын қатнасыкдарды тәртипке салыўдан ибарат.

  4. «Ахборот эркинлиги принциплари ва кафолатлари тўғрисида» 2002-жыл 12-декабрьде қабыл етилген. Нызамның атамасынан көринип турғанындай, журналистлерге мәлимлеме алыў еркинлиги ҳәм кепилликлери белгилеп берилген.

Усы тараўды раўажландырыў ҳәм тәртипке салыўға бағышланған басқа да бир қатар нормативлик ҳүжжетлер—Президент пәрманлары, қарарлары ҳәм Министрлер Кабинетиниң қарарлары тараўдың ҳуқықый базасын жаратады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманлары:

  1. «Ахборот тизимлари соҳасини қайта ташкил этиш ва бошқаришни такомиллаштиришга оид чора-тадбирлар туғрисида», 1997-жыл 23-июльда қабыл етилген.

  2. «Компьютерлаштиришни янада ривожлантириш ва ахборот—коммуникация технологияларини жорий этиш туғрисида», 2002-жыл 30-майда қабыл етилген.

  3. «Хорижий давлатлар аудиовизуал маҳсулотларини Ўзбекистон Республикаси худудида тарқатиш тартиби тўғрисида», 2006-жыл 7-февральда қабыл етилген.

Сондай-ақ, «Реклама туғрисида» Нызам 1998-жылдың 25-декабринде қабыл етилди. Бул нызамның мақсети рекламаны таярлаў ҳәм тарқатыў менен байланыслы қатнасыкларды тәртипке салыўдан ибарат болып, ең зәрүр ўазыйпалардан бири— юридикалық ҳәм физикалық шахслар ямаса өнимлери ҳаққындағы мәлимлемелер ағымын пайда етиў ҳәм тәртиплестириўден ибарат.
Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилиси тәрепинен қабыл етилген, биз жоқарыда келтирип өткен ҳәм басқа да нызамлар тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси қабыл еткен, журналистлик хызметке байланыслы бир қатар нызамларды келтирип өтемиз:

  1. «Ғалаба хабар қураллары ҳакқында» Қарақалпақстан Республикасының Нызамы (жаңа редакцияда), 2007-жылдың 5-октябринде қабыл етилген.

  2. «Журналисттиң кәсиплик жумысын қорғаў ҳаққында» Нызам 1997-жылдың 25-июнында қабыл етилген.

  3. «Мәлимлеме алыў кепиллиги ҳәм еркинлиги ҳаққында». Бул Нызам 1997-жылдың 25-июнында қабыл етилген.

  4. «Реклама ҳаққында» Нызам, 1999-жыл 28-август.

  5. «Баспа жумысы ҳаққында» Нызам, 2003-жыл 12-ноябрь.

  6. «Мәлимлеме еркинлиги принциплери ҳәм кепилликлери ҳаққында» Нызам, 2003-жыл 12-ноябрь.

7. «Авторлық ҳуқық ҳәм түрлес ҳуқықлар ҳаққында»
Нызам, 2007-жыл 29-август.
Жоқарыда аты алған нызам, пәрман ҳәм қарарлар менен бирге, ғалаба хабар қураллары өз хызметлери даўамында Өзбекстан Республикасының Пуқаралық, Пукаралық-процессуал, Жынаят, Жынаят-процессуал, Жынаят-атқарыўшылық, Хожалық-процессуал ҳәм Административлик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслери нормативлик актлери бойынша да жумыс жүргизиўи мүмкин. Ҳәр қандай ғалаба хабар қураллары ҳәм журналистлер өз хызметлери шеңберинде, әлбетте, елимизде қабыл етилген нызамлар менен олардың хуқықлары қорғалады. Өз гезегинде олар да белгиленген ҳуқық ҳәм еркинликлерге қайшы ҳәрекет етпеўлери лазым.



МАЗМУНЫ
Кирисиу.......................................................................................................................4
Журналистлик тәлим. Кадрлар таярлаў орайлары...........................................6
Журналистиканың мәлимлеме хызмети сыпатында қәлиплесиўи..............................................................................................................12
Журналистиканың кәсип сыпатында қәлиплесиўине болған зәрүрликлер...............................................................................................14 Жәмийет раўажланыўындағы орны...........................................................................................................15
Журналистиканың ғалаба хабар қураллары
системасына айланыўы...........................................................................20
Баспасөз, ғалаба хабар қураллары
еркинлиги..................................................................................................................................28


Download 0.52 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   15




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling