ЖурналистикағА ҚӘдем нөкис 2021 удк
Download 0.52 Mb.
|
KITAP
- Bu sahifa navigatsiya:
- Телевидение
Хабар агентликлери- тийкарынан мәмлекетлик көлемде дүзилип, газета-журналлар ҳәм барлық ғалаба хабар қуралларына орайласқан түрде ең актуаль, анық фактлер тийкарында ҳәр қыйлы хабарлар, ҳүкиметлик директива ҳәм қарарларды оператив жеткерип турады. Олар мәмлекетлик, кооператив яки жеке меншик болыўы да мүмкин. Агентликлер өзи есаптан өткен мәмлекет шегарасынан шығып, халықаралық, дүнья жүзилик әҳмийетке ийе болып кетеди. Мәселен, бүгинги күни Ассошиэйтед Пресс ҳәм Юнайтед Пресс Интернэшнл (АҚШ), Рейтер(Англия), Франс Пресс(Франция), ИТАР-ТАСС (Россия) агентликлериниң тармақлары пүткил дүнья жүзин қаплап алды.
Ҳәзирги ўақытта бизиң елимизге «Ўзбекистон Ахборот Агентлиги» (ЎзАА), сыртқы ислер министрлигиниң «Жаҳон», коммерциялық «Туркистон Пресс», ал Қарақалпақстанда Хабар агентликлери ислеп тур. 1851-жылы Лондонда Юлиус Рейтер тәрепинен дүньда биринши рет Рейтер агентлиги дүзилген болса, бүгинги күнге келип, ҳәр бир мәмлекетте өз аймағындағы ғалаба хабар қуралларын күни-түни түрли информациялар ҳәм ең соңғы жаңалықлар менен тәмийнлейтуғын бир неше агентликлер пайда болды. Олардың көпшилиги бир-бири менен кооперацияға биригип, информация банкин пайда етти. Радио- ғалаба хабар қуралларының ең биринши, ең массалық ҳәм ең оператив түри болып есапланады. Рус илимпазы А.С.Попов тәрепинен ойлап табылып, 1895-жылдың 5-майы күни радио қабыллағыш арқалы өзиниң ҳәрекетин баслаған бул тараўдың ен жайыўы менен баспа сөзден бөлинип шыққан радиожурналистика дүньяға келди. Радионың специпикалық өзгешелиги болған сөйлеў шеберлиги, ҳаўаздың күши, ритми, паузасы, даўыстың тембри, интонациясы усаған көп ғана компенентлерден ибарат радиожурналистика өзинше жол, усыллар менен раўажлана отырып, өз алдына тараўға айланды. Радио дүньяның барлық жерлерине жетип, халықтың барлық катламларын өз ишине қамтыйды. Оның техникалық мүмкиншиликлери күн сайын өсип бармақта. Радио еситтириўлери Өзбекистанда 1927-жылы, Қарақалпақстанда 1932-жылдан басланғанын биринши лекциямызда айтып өткен едик. Телевидение- радиотехниканың раўажланыўы менен пайда болған адамзат ой-өрисиниң ең жоқары жемислериниң бири. Ол Ташкенте 1953-жылы, Нөкисте 1964-жыллары иске түсти. Тележурналистика өзиниң раўажланыў барысында күнделикли баспа сөз ҳәм радио еситтириўлериниң дөретиўшилик тәжирийбелерине таянады. Тележурналистлер жазыў ҳәм образлар жаратыў шеберлигине қоса, видеосүўретлерди белгили аралыққа узатыў, ракурс, жақтылық нуры, кадрлар алыўда композиция сөзлер менен сеслердиң уйғынласыўы, ораторлық шеберлик, ҳәзир жуўап-тапқырлық усаған өзиншеликлерди меңгериўлери лазым болды. Телевидение аудиторияға күнделикли ҳәм белгили бағдарлардағы дәстүрлери, спектальлер, концертлер, кинофилмлер арқалы тәсир жасайды. Ол ҳәр бир шаңараққа, тамашагөй залларына, көргизбелер ҳәм стадионларға, ҳаўа ҳәм сүў асты обьектлери менен бирге қәлеген жерге кирип барады. Солай етип, журналистикада күнделикли баспа сөз, радио, телевидение өзлериниң специпикалық өзгешеликлерине ийе журналистика пайда болды. Олар өз каналлары арқалы бәсекиликке түскени менен тығыз байланыста, бирин-бири қайталамаўға тырысқан ҳалда бирге ҳәрекет етеди. Download 0.52 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling