ЖурналистикағА ҚӘдем нөкис 2021 удк


ЖУРНАЛИСТИКАНЫҢ ҒАЛАБА ХАБАР ҚУРАЛЛАРЫ СИСТЕМАСЫНА АЙЛАНЫЎЫ


Download 0.52 Mb.
bet8/15
Sana17.06.2023
Hajmi0.52 Mb.
#1527329
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   15
Bog'liq
KITAP

ЖУРНАЛИСТИКАНЫҢ ҒАЛАБА ХАБАР ҚУРАЛЛАРЫ СИСТЕМАСЫНА АЙЛАНЫЎЫ
Өткен лекциямызда атап айтқанымыздай, журналистиканың пайда болыўы ҳәм раўажланыўы материаллық байлық, капиталдан тиккелей ғәрезли болып келген. Илим ҳәм мәденият ерте раўажланған еллерде баспа жумысы менен шуғылланыў ушын жаңа техникалар ойлап табылып, ең дәслеп китап басып шығарыў техно-логиясы жаратылған. Бул, әлбетте, қағаз ислеп шығарыў менен тығыз байланыслы болып, биреўи екиншисин келтирип шығарған. Оннан кейин күнделикли газеталар ҳәм журналлар, илим ҳәм техниканың раўаж-ланыўы менен радио, телевидение, телетайп, ҳүжжетли кино, бүгинги күнге келип электрон почта, интернетке дейинги жоқары технология дәўирин бастан кеширип атырмыз.
Булардың барлығы журналист кадрларды таярлаў зәрүрлигин пайда етти. Дүнья жүзи бойлап ғалаба ен жайған информациялық ҳүжим журналистика деп аталатуғын жаңа системаны жаратты. Ол, енди өз алдына тараў, үйренилетуғын әмелий ҳәм теориялық илим, пүткил жер жәҳәнди қаплап алған ең зәрүр руўхый ҳәм материаллық байлыққа айланды. Бүгинги күнге келип еллер, континентлер арасын торлап алған Англияда- Рейтер, Францияда- Франс Пресс, АҚШта-Ассошиэйтед Пресс, Юнайтед Пресс Интернэшнл, Россияда-ИТАР-ТАСС усаған бирнеше монстр ғалаба хабар системалары жаратылды.
Дүнья жәмийетшилиги XXI-әсирди «Информациялық коммуникациялар әсири» деп атады. Бүгин журналистика жәмийет турмысының барлық тараўларында бир тегис катнаспақта. Сонлықтан да, оны жәмийеттеги экономикалық, жәмийетлик-сиясый, әдеп-икрамлылық тәрбиясы, миллий идеология идеясынан бөлип алып қараў мүмкин емес. Соның менен бирге, журналистика жәмийетти басқарыў, қадағалаў, муўапықластырыў ҳәм шөлкемлестириўши ўазыйпасын да атқарады.
Бул ўазыйпаларды журналистлер:
1. Баспасөз (китап шығарыў иси, газеталар, журналлар);
2. Радиоеситтириў;
3. Телевидение;
4. Мәлимлеме хизмети (хабар агентлиги)
5. Интернет журналистика;
6. Ҳүжжетли кино сәнияты усаған дүзимлер арқалы иске асырады. Олар ҳәр бир қәдем ҳәм ҳәрекетинде техниканың ең алдыңғы жетискенликлеринен пайдаланылады. Информациялық коммуникациялар журналистлик шығарманың, дөретиўшилик жумыслардың сапасын арттырыўға, халыққа анық дәлийллер менен рәңбе-рең етип жеткериўге мүмкиншилик жаратады. Ҳәр бир шаңараққа жөкары технология тийкарында журналисттиң публисистикалық жалынлы сөзи, ол күнделикли өмирден илип алған терең идеялы картиналар жетип барады.
Жалпы «ғалаба хабар қураллары» деп аталатуғын журналистиканың тараўларына өз алдына тоқтап, олардың жәмийет алдындағы ўазыйпасын атқарыў өзгешеликлери ҳәм күнделикли өмирдеги ийелеген орнына қысқаша тоқтап өтейик.
Баспа сөз-адамзат жәмийетинде жүрналистика системасын, кәсибин ҳәм илимий кеңисликти пайда еткен ең тийкарғы тараў. Бүрын атап өткенимиздей, дүнья жүзинде дәслепки китап басып шығарыў XV, ал газета жүрналлардың пайда болыўы XVI әсирден басланады.

Download 0.52 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   15




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling