ЖурналистикағА ҚӘдем нөкис 2021 удк
Download 0.52 Mb.
|
KITAP
Вечерный Киев. 15-июнь 1954-г
Газета редакцияларының хызметкерлерин журналистлик шеберликке арнаўлы кәсип ретинде оқытыў бул тараў жумысына талап ҳәм буйыртпалардың көбейиўинен де келип шықты. Бизге тарийхтан мәлим, XIX әсир, әсиресе оның екинши ярымына келип экономиканы индустрияластырыў, ири санаат кәрханаларын қурыў, темир жол ҳәм басқа да транспорт түрлериниң, айрықша үлкен корабльлердиң дүнья океанларына шығыўы, қазылмалы байлықты шийки зат сыпатында емес, таяр өнимге айландырып сатыў, еллер арасындағы экспорт, импорт операцияларының кең ең жайыўы саўатлы қәнигелерге зәрүрли, соның ишинде үгит—нәсият ҳәм пропаганда, реклама тараўы индустрия сыпатында раўажланып, қағаз, газета, журнал басып шығарыўшы дәскелердиң жаңа жетилискен санаатын пайда етти. Бизге жақын қоңсы болып есапланған Россияда Александр II патшашылық еткен дәўирде жәмийетти демократияластырыўға жаңа қәдемлер атылды. Дийқанлар ғәрезлилиги (1861-ж) бийкарланды, суд, армия, жергиликли өзин-өзи басқарыў системасы қайта қаралып, жетилистирилди. Усыларға қарап баспа сөз органларында да алға илгериўшилик болды. Билимли қәнигелер талап етилди. Патша Россиясы өзиниң басқыншылық сиясатын ең жайдырып, ҳәзирги Өзбекстан аймағындағы Хийўа, Бухара, Қоқан ҳәм басқа да ханлықларды басып алды. 1870—жылларға келип, Түркстан генерал-губернаторлығының рәсмий газетасы «Туркестанские ведомости» (1870-1917) ел арасына тарқала баслады. Оған дейин бул үлкелерде газета шықпаған еди. Тап сол жылы (1870 ж) жергиликли тилде «Туркистон вилоятининг газетаси» басып шығарылды. Бул, соңғылығында усы аймақтағы ханлықлар менен әмирликлерде рус, өзбек, қырғыз, тәжик тиллеринде баспа сөздиң гүллеп раўажланыўына алып келди. Солай етип: «Түркстанда 1917-жылға дейин ... 100 ден артық газета шығарылған». Журналистика тараўының усылайынша пәтли раўажланыў барысы барлық еллердиң жоқары оқыў орынларында арнаўлы журналистлик билимлендириўге кең жол ашып берди. 2008-жылы өзиниң дүзилгенине 90 жыл толыў юбилейин белгилеген М.Улуғбек атындағы Ташкент миллий упиверситетинде филология факультетиниң қурамында журналистика бөлими 1949-жылы шөлкемлестирилген еди. Ол ўақытта бул билим дәргайы Орта Азия мәмлекетлик университети деп аталып, оған Орайлық Азия ҳәм Қазақстан, бурынғы СССРдың көпшилик республикаларынан жаслар келип оқыйтуғьш еди. Бөлим 1967-жылы факультетке айланды. Хәзир онда 800 ден аслам студентлер бакалаврият, магистратура бағдарлары бойынша билим алмақта. XXI әсир басында Ташкент қаласында және бир жоқары оқыў орны - Өзбекстан мәмлекетлик Жәҳән тиллери университети ашылып, оның халық аралық журналистика факультети дүнья жүзилик стандартларда журналист кадрларын таярлаўға киристи. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинин, «Журналист кадрларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў системасын жетилистириў ҳаққындағы (1999-жыл, 27-февраль) карарының әмелдеги нәтийжеси сыпатында дүнъяға келген бул факультет ҳәзирше Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослығы еллериндеги бирден-бир усындай оқыў орны болып есапланады. Университетте қысқа ўақыттын ишинде талабанлар ушын жоқары талапларға жуўап беретуғын сабақлықлар, оқыў қолланбалары, илимий, илимий-методикалық бағдарламалар, публицистикалық мақалалар менен баянатлар тезислери таярланды. Онда ҳәзирги ўақытта жүзден аслам профессор-оқытыўшылар ислейди. Сондай-ақ, Түслик Корея, Япония, Мысыр Араб Республикаси, Қытай, Польша мәмлекетлеринен қәнигелер келип лекциялар оқыйды. Талабанлар сырт ел грантларын жеңип алып усы аты аталған еллерге барып, өз билимлерин арттырмақта. Өзбекстан Президенти И.А.Каримов елимизде заманагөй кадрлар таярлаўдың алда турған ең әҳмийетли ўазыйпалары ҳақкында: «Ең тийкарғысы, сол нәрсени аңлап жетиўимиз керек, кадр мәселесин шешпес екенбиз, ең ылайықлы ҳәрекетлеримиздиң де күтилген нәтийжелерди бериўи, турмысымыз, мәнеўиятымыздың өзгериўи қыйын кешеди. Демек, заманагөй тәлим-тәрбия системасын реформалаў, заман талапларына сай кадрлар таярлаўды жолға қойыў жумысымыздың тийкарғы бағдары болыўы дәркар» деген еди. Президент тәрепинен қойылған усындай актуаль мәселелерди шешиў бойынша журналистика тараўына байланыслы болған машқалалар қайта үйренилип шықты. Оның нәтийжеси ретинде Министрлер Кабинетиниң биз жоқарыда атап өткен, 1999-жылдың 27-февралындағы журналист кадрларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў ҳаққындағы қарары қабыл етилди. Қарардан кейин бул тараўда сезилерли өзгерислер жүз берди. Мырза Улуғбек атындағы Өзбекстан Миллий университети, Жәҳән тиллери университети ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университетлеринде журналист кадрлар таярлаў мәселелерин және де жетилистириўге әҳмийет берилип, бул оқыў орынларының материаллық базасын беккемлеў ҳәм билим бериў сапасын жақсылаўға қаратылған илажлар көрилди (ҚМУ да журналистика қәнигелигине оқытыў биринши мәртебе 1984-жылы ашылып, соң азғана ўақытка тоқтап калды. 1989-жылдан баслап турақлы ислей баслады). Мәмлекетлик билимлендириў стандартларына сай фундаментал (сиясий, философия, тарийх, мәденияттаныў, ҳуқық, экономика, этика ҳәм эстетика, өзбек, қарақалпақ, сырт ел әдебиятлары тарийхы) пәнлер ҳәм жаңа арнаўлы қәнигеликлер бойынша (ҒХҚ менежменти, коммуникация теориялары, ҒХҚ техникасы ҳәм технологиясы, методика ҳәм әдебий редакторлаў, журналист социологиясы ҳәм психологаясы, маркетинг т.б.) пәнлерди терең үйрениў курслары енгизилди. Сондай-ақ, ҳүкиметимиздиң жоқарыдағы қарарын орынлаў барысында, 2005-жылдың ноябрь айында Өзбекстан ғәрезсиз баспа, ғалаба хабар қураллары ҳәм хабар агентликлерин қоллап-куўатлаў және раўажландырыў жәмийетлик Фонды шөлкемлестирилди. Фондтың алдына Өзбекстандағы ғәрезсиз, өзин-өзи тәмийнлейтуғын, демократиялық ҳәм заманагөй стандартларға жуўап беретуғын баспа, ғалаба хабар қуралларын пайдаетиў процессин қоллап-қуўатлаў, олардың материаллық-техникалық базасын, хызметкерлердиң кәсиплик билимлерин артырыў мақсет етип қойылған. Download 0.52 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling