Microsoft Word Оразымбетова М


Download 0.96 Mb.
Pdf ko'rish
bet8/15
Sana30.03.2023
Hajmi0.96 Mb.
#1309724
TuriЛекция
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   15
Bog'liq
Milliy oyanıw dáwiri qaraqalpaq ádebiyatı. — lekciya

Пайдаланыл2ан 1дебиятлар. 
q. Айымбетов №. {Халы3 даналы2ы}. Н5кис, qoii.
w. Пахратдинов !. {XIX 1сирди4 а3ыры XX 1сирди4 басында2ы 
3ара3алпа3 1дебияты тарийхы}. Н5кис, qooy.
e. Пахратдинов Ж. {!рманлы шайыр 3ыз С1пи7ра}. {№ара3алпа3стан 
Жаслары}. w00w-ж. wi/qq.
Тема бойынша сора7лар. 
q. Сапи7ра шайыр лирикаларыны4 тематикалы3 мазмуны 3андай 
w. Сапи7ра менен №азы Ма7ликти4 айтысы. 
e. Шайырды4 {О3ы7}, {Неге}3осы3ларына к5ркем тал3ы. 


 
 
 
ҚАЗЫ МӘЎЛИК БЕКМУХАММЕД УЛЫ
 
Ж О Б А С Ы 
 
1. Шайырдың өмири ҳаққында мағлыўмат. 
2. Қазы Мәўликтиң қыссаханлық, кәтиблик, ағартыўшылық 
хызметлери.
3. Қазы Мәўлик шығармаларының жанрлық өзгешелиги.
4. Шайыр лирикаларының мазмуны бойынша жанрларға жиклениўи 
5. Қазы Мәўлик лирикаларының көркем формалық өзгешелиги 
Таяныш сөзлер.
Қазы Мәўлик шығармаларының изертлениўи, жанрлық 
өзгешелиги, ғәззел, муашшақ, тәрийип, баяз терминлери, шайыр қолланған 
көркем сүўретлеў қураллары, тили, қосық қурылысы.
XX әсир басындағы қарақалпақ әдебияты тарийхында белгили орны 
бар, демократиялық, ағартыўшылық идеяларды раўажландырған Қазы 
Мәўлик Бекмуҳаммед улы болып табылады. Шайырдың өмирбаяны туўралы 
пикирлер Н.Дәўқараев, Қ.Айымбетов, Ә.Пахратдинов, Қ.Байниязовтың 
илимий мийнетлеринде сөз етилген. Қазы Мәўлик 1885-жылы Шымбайда 
туўылады. Әкеси Бекмуҳаммед ахун Қарақум медресесин, соң Бухарадағы 
Мир Араб медересесин питкерген. Ол мешитте сабақ берген, Шымбайдың 
қазысы болып ислеген, жетик саўатлы улама адам болған. Сонлықтан, ол 
баласының билим алыўына көп итибар қаратады. Оның Мәўдит ҳәм Мәсўид 
исимли балалары болып, Мәўдит жаслайынан илимге қызыққан, әкесиниң үй 
китапханасындағы араб, парсы тилиндеги жазылған китапларды оқыўға 
интасы болған. Ол дәслеп Қарақум ийшан медресесинде, соң Бухара 
медресесинде оқып билим алады. Медреседе ислам дини бойынша 
китапларды үйрениў менен бирге «Шахнама», «Ҳәзирети Әлий», «Ҳәким 
Улықпан әпсанасы», «Мың бир түн», Суфы Аллаяр, Хожа Ахмет Яссаўий 
ҳикметлерин оқыйды. Қазы Мәўлик Бухарадағы Көкалташ медресесиниң бай 
китапханасынан 
пайдаланып 
айырымларын 
қарақалпақшалап, 
ал 
айырымларын сол турысында көширип алады. Булар оның соңғы ислерине 
үлкен жәрдем берген. 
Медресени питкергеннен кейин Шымбайдағы Хан мешитинде бала 
оқытқан ҳәм сол дәўирлерден баслап косықлар жаза баслайды. «Қызлар», 
«Мәрдикар», «Көңлим», «Көкнаршы достыма» қосықлары дәслепки 
дөретпелеринен есапланады. 
«Мәрдикар» қосығы жәмийеттеги сиясий ўақыялар менен тығыз 
байланыста дөреген, яғный 1916-жыллардағы мәрдикарға алыў, ана 
перзентинен, қызлар сәўер ярынан айра түсиўине алып келген. Ҳаял-
қызлардың сағыныш сезимлерин усы қосығы арқалы баянлайды.
Елден айра түсип кетти нешшелер, 


Қәммағал қашшаққа әрман еттилер, 
Хабар йоқ билмеймиз қайда кеттилер, 
Кеше кеткен сәўдигимди сағындым. 
«Қызлар» қосығы халық арасында кең тарқалып, қыссаханлардың сүйип 
атқаратуғын қосықларынан есапланған. «Қарақалпақ фольклоры»ның V 
томында шайырдың усы қосығы берилген. Демек, бул қосық халықтың 
жүрегинен терең орын алған ҳәм шайырдың даңқын шығарған. 
Кегейли бойына барғым келеди, 
Өткенди, кеткенди көргим келеди,
Садақаң кетейин гүл юзли дилбар, 
Сайланып алдыңда турғым келеди. 
Қазы Мәўлик Бухара медресесин питкерип келгеннен кейин, көп узамай 
әкеси Бекмуҳаммед ахун 43 жасында қайтыс болады. Мәўликтиң устазы 
Шымбайдың муфтийи Әлий ахун оны қазылық лаўазымына усынады. Усы 
лаўазымда ол 1905-1918
-жыллар аралығында ислейди. Шайырлықты да, 
қазылық 
жумысты 
да 
теңдей 
алып 
барады. 
Сондай-ақ,айырым 
информаторлардың мағлыўматына қарағанда шайыр Шымбай мешитинде 
сабақ берген. Ол өз қәрежети менен мешит салып мийнеткеш халықтың 
балаларын бийпул оқытады.
1
Демек бул шайырдың ағартыўшылық хызметлеринен есапланады.
Қазы Мәўлик аўдарма ислери менен де шуғылланады. Илимпаз 
Ә.Пахратдинов «шайыр Шығыс халықларының әдебий мийрасларынан 
есапланған «Мың бир түн», «Түс жорыў», «Сайқалий Мәдет» ҳ.т.б. 
китапларын, 
«Ғәрип 
ашық», 
«Гөруғлы» 
дәстанларын, 
Наўайының, 
Фердаўсийдиң, 
Мақтымқулының 
шығармаларын 
қарақалпақ 
тилине 
аўдарған»
2
деп атап көрсетеди өзиниң мийнетинде.
Қазы Мәўлик дөретиўшилигиниң гүлленген дәўири 1915-1919-жыллар 
болған.Усы дәўирде шайырдың «Перийзат», «Қушайды», «Недур гүнайым», 
«Ол неге дәркар», «Гириптар енди», қосықлары «Сәпиўра менен айтысы»
дөретилди. 
1920-жыллары Қазы Мәўлик Шымбайда китап дүканын ашады. 3-4 
кәтип жумсап халық дәстанларын қолдан көширтип халыққа тарқатқан. 
Алыс-алыслардан қыссаханлар келип айлап гезек күтип китапларды сатып 
алып 
кеткен. 
Бул 
ҳаққында 
халық 
шайырлары 
А. 
Дабылов, 
С.Нурымбетовлар өз еске түсириўлеринде айтып өтеди.
Қазы Мәўлик қыссаханлық пенен шуғылланып бирнешше шәкиртлер 
таярлаған. Олардың ишинен Камал, Қурбанбай, Балтабай, Сейтжан, Хилол 
1
Дәўлетов. Б «Қазы Мәўликтиң дөретиўшилик жолы» Автореферат. 2002-ж.
2
Пахратдинов. Ә.XIX әсир акыры XX әсир басындағы қарақалпақ әдебияты тарийхы., Н.,Билим.,1996.,165-
бет 


ҳ.т.б. қыссаханлар жетилисип шығады. Әсиресе шайырдың қарақалпақ 
қыссаханлық өнерин раўажландырыўдағы орнына илимпаз Қ.Айымбетов 
айрықша тоқтап өтеди.
1920-жыллары таза мектеплер ашылып араб графикасында сабақлықлар 
дүзиўде Қ.Аўезов, С.Мәжийтов пенен бирге хызмет еткен. Кеңес 
ҳүкиметиниң ғалаба саўатландырыў сиясатын қоллап- қуўатлаған. Мәселен, 
шайыр өзиниң «Ҳаял-қызлар» деген қосығында
Ашылды әне таза мектеп, 
Қатар-қатар отырың деп, 
Үйренип икрамыў-әдеп, 
Илим алың ҳаял-қызлар. 
деп ҳаял-қызларды билим алыўға шақырады, үгит-нәсият жүргизеди.
1926-1927-жыллары ол Шымбай қалалық атқарыў кеңесиниң кәтиби 
болып ислейди. Қазы Мәўлик ағартыўшы, қыссахан, лирик шайыр 
сыпатында қарақалпақ халқының мәдениятын, әдебиятын, билимин 
раўажландырыў ушын көп хызмет етеди.
Бирақ, оның шығысы, яғный улама шаңарағынан шыққанлығы кеңес 
ҳүкиметиниң саўатсыз белсендилерине жақпады. Қазы Мәўлик көп 
қуўдалаўға ушырайды. Қамаққа алыныў қәўпи болғанлығы ушын 1929-жылы 
шаңарағы менен түркменлер арасына қашып кетеди. Елинен жырақта жүрип 
те әдебий хызметлерин даўам етти. Илимпаз Қ.Байниязов өзиниң 
мақаласында «М.Бекмухаммедов Қуба таўда жасаған дәўиринде «Юсип-
Ахмет», Молланепестиң, «Тахир-Зухра» дәстанларын қарақалпақ тилине 
аўдарған»
3
деп жазады. 
1949-жылы Нәжим Дәўқараевтың өтиниши менен шайыр Нөкиске көшип
келеди. «Жасарған илҳам» қосығы шайырдың неше жыллық айралықтан 
кейин елине келип жазған қосығы еди. Бир қанша ўақыт С.Нурымбетов, 
А.Дабыловлар менен бирге әдебий орталықта бирге хызмет етти. 1950-жылы 
шайыр қайтыс болады. 
Қазы Мәўлик дөретиўшилигин изертлеў қарақалпақ әдебияттаныў 
илиминде жүдә кеш қолға алынады. Әлбетте белгили илимпазлар 
Қ.Айымбетов, Н.Дәўқараевтың илимий мийнетлеринде шайыр ҳаққында аз 
да болса сөз етиледи. Ғәрезсизликке шекем мектеп сабақлықларында, 
Жоқары оқыў орынларында шайыр дөретиўшилиги үйренилмеди. Көп ғана 
илимий китапларда Қазы Мәўлик дөретиўшилиги бойынша бир тәреплеме 
пикирлер ушырасады. Шайырдың поэзиясы қуры мәниссиз мақтаўға толы, 
реалистлик сүўретлеўден жырақ деген пикирлер болды. Белгили әдебиятшы
Ә.Пахратдинов «XIX әсирдиң ақыры XX әсирдиң басындағы қарақалпақ 
әдебияты тарийхы» мийнетинде 1-рет Қазы Мәўликтиң дөретиўшилигине 
кең түрде тоқтап өтеди. Сондай-ақ, илимпаз Қ.Байниязов, академик 
Ҳ.Ҳамидовтың изертлеўлеринде де шайыр дөретиўшилиги бираз сөз 
етиледи. Қазы Мәўлик дөретиўшилиги бойынша арнаўлы изертлеў 
3
Байниязов.Қ. Қазы Мәўликтиң тәрийип ҳәм муҳаббат қосықлары., «Әмиўдәрья» 1987 


жумысларын алып барған илимпаз Б.Дәўлетов болып табылады. Ол 2002-
жылы «Қазы Мәўликтиң дөретиўшилик жолы» деген темада кандидатлық 
жумысын қорғап шықты. Илимпаздың «XX әсирдиң басындағы қарақалпақ 
лирикасының жанрлық өзгешелиги» деп аталған қолланбасында да шайыр 
лирикаларының жанрлық бағдары изертленеди. 
Қазы Мәўликтиң лирикасының жанрлық өзгешелигине итибар 
қаратсақ, шайыр XX әсир басындағы қарақалпақ лирикасын ҳәм мазмуны, 
ҳәм көркем формасы жағынан раўажланыўына үлес қосқан шайырлардың 
бири есапланады.
Шайыр лирикаларын мазмуны жағынан жиклегенимизде тәрийиплик, 
ашықлық, дидактикалық ҳәм айырым бәйит мазмунындағы қосықлардың бар 
екенлигин көремиз. Тәрийип қосықлары қарақалпақ поэзиясына тән жанр. 
Оның баслы жанрлық қәсийетлери тәрийип қосықлары көтериңки стильде 
жазылады, өзиниң сүўретлеў объектин мақтаўға бағдарлайды. Шығыс 
әдебиятында қасида, рус ҳәм Европа әдебиятларындағы ода жанрына 
мазмуны жағынан жүдә жақын болып келеди. Илимпаз Қ.Айымбетов мақтаў 
жанрының белгилери қарақалпақ халық қосықларында, дәстанларында көп 
гезлесетуғынын атап өтеди. Халық поэзиясының бул дәстүрлерин XIX 
әсирдеги, XX әсир басындағы қарақалпақ поэзиясында даўам еткенлигин 
көрсетеди. XIX әсир қарақалпақ лирикасының жанрлық қәсийетлерин 
изертлеген илимпаз Қ.Жәримбетов тәрийип қосықларының жанрлық 
қәсийетлерине, мазмунына, классик шайырлардың тәрийип қосықларының 
көркемлик өзгешелигин изертлейди. «XIX әсирдеги қарақалпақ поэзиясында 
мақтаў жанрын көбинесе тәрийип деп жүриткен. Қарақалпақ шайырлары аты 
шыққан сулыў қызларды, ел басқарған атақлы бийлерди, елдиң намысын 
қорғаған батырларды, киндик қаны тамған туўылған жерин өзлериниң 
көплеген тәрийип қосықларында мақтаныш пенен жырлап өткен».
4
Қазы Мәўликтиң тәрийип қосықларында да туўылған жер, оның үрп-
әдетлери, қыз-жигитлери үлкен йош пенен мақталады. Әсиресе шайырдың 
«Шымбай баязы» деп аталған қосығы тәрийиплик лириканың ең жақсы 
үлгисинде жазылған. Ўатан ҳаққында қосықлар көп. Бирақ Әжинияздың 
«Еллерим барды», Қазы Мәўликтиң «Шымбай баязы», Аяпбергенниң 
«Қарақалпақта», Омардың «Елим» қосықлары өз алдына.
Әжинияз, 
Аяпберген, 
Омар 
қарақалпақ 
халқының 
өзгешелигин 
улыўмаластырып мақтаса, ал Қазы Мәўлик қарақалпақтың ең ески 
қалаларының бири Шымбайды тәрийип етеди. ««Шымбай баязы» қосығында 
туўылған жер тәбияты, халқы, оның жақсы үрип-әдетлери, мәрт шабандоз 
жигитлери, сулыў қызлары, халықтың бир-биреўге мийирманлығы, иззет-
ҳүрмети шайыр тәрепинен йош пенен тилге алынады» деп жазады Ә. 
Пахратдинов. 
Мысырдан раўаждур Шымбай қаласы, 
Жорға жүрмел минер гүллан баласы, 
4
Жәримбетов Қ. XIX әсир қарақалпақ лирикасының жанрлық қәсийетлери ҳәм раўажланыў тарийхы., Н., 
«Билим»., 2004., 90-бет. 


Ат шаппаға кеңдур оның даласы, 
Шуныңдайын еллери бар Шымбайдың.
деп туўылған елин мақтаныш сезимлери менен тәрийиплейди. Әсиресе, 
шайыр қызлардың сулыўлығын, дилўарлығын, әдеп-икрамлығын әжайып сөз 
кестелери менен кестелеген. Ондағы қолланылған көркем сүўретлеў 
қураллары арқалы көз алдымызға әжайып сулыў көринислер елеслейди. 
Усындай қосық қатарларды оқыған ҳәрбир инсанның руўхый дүньясы 
байыйды.
Қәдди шамшат киби беллери нәзик, 
Қолларында ҳинжу қаслы билезик, 
Көзлери мастана, қашлары язық 
Қамар йүзли қызлары бар Шымбайдың. 
Перийлер уялар ҳүснини көрсе, 
Кеша раўшан болур майданда юрса, 
Мушки ҳиди келар енида турса, 
Гүландамдек қызлары бар Шымбайдың. 
Әлбетте, қарақалпақ әдебияттаныў илими тарийхында Қазы Мәўликтиң 
бундай қосықларын мәниссиз, қуры мақтаўларға қурылған, өмирден шетлеп 
кеткен, тек байлардың қызларын тәрийплеген деген көзқараслар болды ҳәм
толық үйренилмеди. Бирақ бул қосықларда шайыр үстем классларды 
мақтаўды нәзерде тутпаған, ал инсанның руўхый дүньясының гөззаллығын 
ең жоқары дәрежеге көтерген.
«Шымбай баязы»нда халықтың мәрт, батыр жигитлери тәрийипленеди. 
Қарақалпақ жигитлери әзелден шабандоз, жаўынгер болады. Ат ер жигиттиң 
жолдасы болып келген, сонлықтан да бедеў минип шабандоз болған 
жигитлер атларын безеўге, сейислеўге итибар берген.
Мақпалдан сайлап дорба илдим, 
Кишмиштен сайлап жем бердим. 
деп келтиреди «Алпамыс» дәстанында. Шымбайдың ғошшақ жигитлери 
атларының мойынларына лағлы маржанлар тағып, тилладан қамшы алып, 
жем орнына набат берип тек шайқатылып жүрместен, олар елди 
қорғайтуғын, 
халық 
ушын 
жанын 
беретуғын 
азаматлар 
екенлиги 
сүўретленеди. 
Яз болсы йигитлер атларын бақар, 
Ат мойнына лағлы маржанлар тақар, 
Ғаним көрсе тәндин башыны қақар, 
Рустем киби йигитлери Шымбайдың. 


Қосық қатарларын оқып отырып көз алдымызға Шымбай көшелерин 
гөззаллыққа толтырған, өңир моншақлары, тиллә ҳәйкеллери сыңғырлаған, 
саллана аяқ басып жигитлердиң сустын басқан перийден зыят қыз-
жаўанлары, жорға жүрмел минген, кең жаўырынлы, турпатлы, ат көтермес 
батыр жигитлери келеди. Қазы Мәўлик өз халқының бай үрип-әдетлерин, 
бир-бирине мүрийбетли қатнасын, миймандослығын мақаныш пенен тилге 
алады. 
Майданда салланур гүл-гүл әлўанлар, 
Гүрес майданында урған жаўланлар, 
Қураш тутып байрақ алып палўанлар, 
Шады қоррам тойлары бар Шымбайдың. 
Дәстүр шулдур шәҳри Шымбай елинде, 
Яман сөзни ҳасла алмас тилине, 
Қызлар алтын кеса алып әлине, 
Йигитке узатар қызы Шымбайдың. 
«Жасарған илҳам» қосығы 20 жыл елден айырылып, қайтып келгеннен 
кейин 1950-жылы жазады. Елдеги үлкен өзгерислер, жаңалықлар, халықтың 
турмысы, мәденияты, жаңа қурылыслар шайырды илҳамландырады. 
Ыссы емес, суўық емес ҳаўасы, 
Назы нағметлери, көлдиң ҳаўасы, 
Еситсеңиз ҳәр күни шадлы наманы 
Заўқы сапасыны баян әйледим. 
Солай етип Қазы Мәўликтиң тәрийиплик лирикаларында Ўатан темасы 
баслы орынға көтерилген. 
Шайырдың тәрийиплик лирикаларының және бир бағдары көбирек елдеги 
сулыў қызларды мақтаўға бағышланған. Бул дәстүр дәстанлардағы сулыў 
қызларды мақтаўдан басланса, XIX әсир әдебиятында Әжинияз, Өтеш 
шайырлардың тәрийип қосықларының негизин қурады. Қазы Мәўликтиң «Не 
сөздур», «Ақылым ҳайрандур», «Мегзеттим», «Қушайды», «Перийзат», 
«Ҳеш сөзим жокдур» қосықлары жоқары эстетикалык талғам менен 
дөретилген шығармалар. Шайыр жеке тәрийип усылында жазады, себеби ҳәр 
бир қосығы белгили бир қызға арналады. Мысалы «Не сөздур» қосығында 
Райхан исимли қыз, «Ақылым ҳайрандур»да Яқытжан атлы қыз мақталады. 
Шайырдың тәрийиплик қосықларының қурылысы да ҳәр қыйлы. Айырым 
қосықлары кирисиў менен басланып, дәслеп тәрийипленетуғын объектке 
оқыўшының дыққатын аўдарады. Мәселен, «Әй яранлар, енди бир сөз 
башлайын, Ешитиңлер тәрийипини Шымбайдың», «Тәрийипиңди айтай гүл 
юзли ярым, Лалы ләби Бадахшана мегзеттим» ҳ.т.б. Ал айырым тәрийип 


қосықлары тиккелей мақтаўға алынған объекттен басланып кетеди. Мәселен, 
шайырдың «Перийзат» қосығы усылай басланады. 
Ая, дилбар, намаз жума кешеси, 
Анадан дүньяға келдиң перийзат, 
Бул дүньяға келип кетти нешшеси, 
Ким яқшы, ким яман билдиң, перийзат. 
«Не сөздур» қосығында Райхан исимли перийзаттың Шымбайда тәнҳа 
екенлиги, ҳеш жеринде мини жоқ, ҳәттеки оның бир аўыз шийрин сөзи 
өликке жан беретуғын қәсийетке ийе гөззал образы тәрийпленеди. Қазы 
Мәўлик бәрҳама гөззаллыққа шайда, дилбар, дилўар, әдеп-икрамлы, ийбели, 
сәўер ярға интизар, өмир бойы соның жолында аҳыўзар. Бул, бәлким, 
инсанның руўхый байлыққа, дүнья мәдениятына ынтығып жасаўы шығар. 
Әдебий, мәдений байлықлар арқалы халықтың руўхый талабы қанаатланады. 
Қазы Мәўликтиң өзи де сол ушын хызмет еткен адам.
«Мегзеттим» косығында: 
Ялғаншыда ҳеш дағы жоқ гөззалсаң, 
Йүз мың әлўан жылўа менен сөзлерсең, 
Дилўарлық бабында мисли бүлбилсең,
Йүзлериңни мен перийге мегзеттим. 
Тырнадек йүришли, тоты турышлы, 
Қаршыға қуш яңлы бойны бурышлы, 
Бүлбилдек хош ҳаўаз билан күлиши, 
Лағлы-ләбин зарафшана мегзеттим.
«Ядыма түшти» қосығында 
Қылыштайын қыйылмуштур қашларың, 
Ҳинжидейин тизилмишдур тишлериң,
Ҳәр тәрепте он төрт өрим шашларың, 
Қәлемдек қашларың ядыма түшди. 
Ышқыңда мен бир қызыл гүл лаламан, 
Әрман билән айра түшип бараман, 
Мен билменем, я күйемен жанаман, 
Қара көз Сәрбиназ ядыма түшди. 
Қазы Мәўликтиң лирикалық қосықларының ҳәммесинде сулыў қыз 
образы жасалады, бирақ бир қосығы екиншисин тәкирарламайды.
«Ақылым ҳайрандур» қосығы көлеми бойынша да, көркемлиги жағынан 
да басқа қосықлардан парқ қылады. Ол сондай гөззал қыз, оған ҳеш ким тең 
келе алмайды, ҳәттеки дүньяда жоқ бундай дилбар. Яр жолында өмирин 
бағыш еткен Фархад, Мәжнүн киби сол периге умтылады. 
Яр болмаса заўқы-сапа керакмес, 


Бәлки, пәний дүнья маған керекмес, 
Сизден өзге ҳешбир дилбар керекмес, 
Арзым етмасине ақылым ҳайрандур. 
Шайырдың тәрийиплик лирикаларында фольклорлық ҳәм Шығыс 
әдебияты дәстүрлеринен шеберлик пенен пайдаланады. Ондағы қолланылған 
көркем сүўретлеў қураллары «тырнадек йүришли, тоты турышлы», 
«қылыштайын қыйылмышдур қашларың»-теңеўлер, «Бир бәрки перийзат 
гүллер қырманы», «Ышқыңда мен бир қызыл гүл лаламан»-метафоралар 
қосықтың эстетикалық тәсиршеңлигин арттырады. Қызлардың жүрис-
турысын, күлгенин, назлы жылўаларын қусларға усатыў әдебияттағы ең 
жақсы дәстүрлерден есапланады. Сондай-ақ, Шығыс әдебиятындағы 
ашықлар исми шайыр лирикасында жийи-жийи ушырасып турады. 
Тербенип йүргенде таўыс йүришли, 
Тоты перидек шақалақлап күлиши, 
Қаршыға қуш яңлы, мойның бурышлы, 
Ушып қонғаныңа ҳеш сөзим йоқдур. 
Шайыр тәрийиплеген қызлар тек сыртқы гөззалллығы менен емес, әдеп-
икрамлылығы, жоқары инсаный белгилери менен де қоса мақталады. Қазы 
Мәўликтиң тәрийиплик қосықларының атамасы да сол дәўирдеги көпшилик 
шайырлардан парқ кылады. Мәселен, қыздың исмин редиф етип алып, 
редифи қосыкқа атама етиў көп шайырларда дәстүр болған. Мәселен, 
Жаңабайдың «Ақсүңгүл», Омар шайырдың «Гүлайым» қосықлары буған 
мысал бола алады. Ал Қазы Мәўликте тәрийипленетуғын қыздың исми 
қосықтың ишинде көринип кетеди.
Сондай-ақ, шайырдың тәрийиплик лирикаларында баяз сөзи көп 
қолланылады.Қазы Мәўлик дөретиўшилиги бойынша арнаўлы изертлеў 
жүргизген илимпаз Б.Дәўлетов «баяз» сөзиниң шайыр дөретиўшилигинде 
қолланыў өзгешелигине тоқтап былай деп жазады: «Баяз»-арабша сөз болып 
«қосықлар топламы» деген мәнини береди. Бундай топламлар бир неше 
шайырлардың қосықларының жыйнағынан турады» Шығыс әдебиятын 
жақсы өзлестирген Қазы Мәўлик баяз сөзиниң ҳасыл мәнисин түсинген ҳалда 
Шымбай ҳаққында жазылған бир неше тәрийиплик дүркин қосықларын 
«Шымбай баязы» атамасындағы шығармасына жәмлеген. Соның менен 
бирге, баяз сөзи тәрийип сөзиниң синоними сыпатында да қолланыў дәстүр 
болғанлықтан шайыр «Не сөздур», «Ақылым ҳайрандур» қосықларында баяз 
сөзин жийи қолланады.
Баяз яздым халық ишине таратып, 
Кеше, күндиз аның исмин яд етип, 
Бир баяз айтайын десем шул яра, 
Хатим имласына ақылым ҳайрандур 


Мунша сөзди баяз етип питкерип,
Муны язған молласына не сөздур. 
Демек, миллий ояныў дәўири қарақалпақ әдебиятында тәрийип жанры 
Қазы Мәўлик дөретиўшилиги арқалы және де байыды. Онда туўылған ел, 
тулпар атлар, ғошшақ жигитлер, сулыў, ийбели қызлар жоқары эстетикалық 
талғам менен мақталады. 
Қазы Мәўлик жетик саўатлы, зыялы шайыр сыпатында оның 
шығармаларында дидактика баслы орынды ийелейди. 
Дидактикалық әдебият-(грекше didaktikos-үлгили, сабақ аларлық деген 
мәниге келеди). Дидактикалық әдебияттың шығармалары үгит-нәсият, ақыл-
кеңес мазмунына ийе, олар мийнет етиўге, адамгершиликке, инсаплы 
болыўға, наданлықтан қутылып билим алыўға, жақсыға жолдас болыўға, 
ҳадал-ҳарамды айырыўға шақырады»
5
Шығыс әдебиятында дидактикалық жанрдың әжайып үлгилери пайда 
болды. «Қалила ҳәм Димна», «Қабуснама», түркий халықлар әдебиятында 
Юсуп Ҳас Ҳажиптиң «Бахытқа баслаўшы билим», А.Югнакийдиң 
«Ҳақыйқатлар 
сыйлығы», Яссаўийдиң, Мақтумқулының ақыл-нәсият 
мазмуныныдағы шығармалары дидактикалық жанрдың жақсы үлгилеринен 
есапланады.
XIX әсир карақалпақ лирикасында Бердақтың, Әжинияздың, Өтештиң 
дидактикалық шығармалары мазмуны жағынан және де байыды. Илимпаз 
Қ.Жәримбетов дидактиканың сүйенетуғын негизлери, яғный шәрият 
қағыйдалары, неке, шаңарақ бирлиги, Нақшбандий тәлийматы тийкарлары, 
адамгершилик, жақсы, жаман түсиниклерин кең түрде талқылап өтеди.
6
Миллий ояныў дәўири қарақалпақ әдебиятында дидактикалық жанр 
социаллық турмысты, жәмийетлик қатламлардың жағдайлары ҳәм олардың 
ара қатнасларын сәўлелендиреди. Шайырлар көбирек демократиялық 
көзқарстан ел басшыларын, олардың халық алдындағы миннетлери, 
жәмийеттеги 
социаллық 
әдалатсызлықлар 
туўралы 
өзлериниң 
шығармаларында анық көрстип береди. Бундай қосықларға Әбдиқәдирдиң 
«Ол неге дәркар», «Керек», Омар шайырдың, Сапиўраның бир қанша 
қосықлары мысал бола алады. Қазы Мәўликтиң «Ол неге дәркар» қосығы 
терең философиялық, социаллық мазмунға ийе, көлеми жағынан үлкен 
шығарма. Ҳаял-қызлар жәмийетте, шаңарақта өз орнына ийе инсанлар.Қазы 
Мәўлик басқа шығармаларында да ҳаял-қызларды айрықша баҳалайды. 
Себеби, шайыр жасаған жәмийетлик дүзимде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары 
шекленген, қәдир-қымбаты бир қанша болса да төменлетилген еди.
Қазы Мәўлик өз қосығында усындай пикирлерге қарсы турып, ҳаял-
қызлардың жәмийеттеги, шаңарақтағы орнын ашып береди. Шаңарақ қурыў, 
5
Ахметов С. Есенов, Жәримбетов Қ.Әдебияттаныў атамаларының орысша-қарақалпақша түсиндирме 
сөзлиги., Н. 1994. 65-бет 
6
Жәримбетов.Қ. XIX әсир карақалпақ лирикасының жанрлық қәсийетлери ҳәм раўажланыў тарийхы. Н., 
2004 65-бет 


үйли-жайлы болыў инсанның өмирдеги ең жетискенлиги деп түсинеди. 
Шаңарақтың уйытқысы - бул ҳаял деген идеяларды алға сүреди. 
Кисе-қойның қағаз ақшаға толса, 
Бәлки, сыймай толып-ташып төкилсе, 
Ишкениң ҳәмийше қант-набат болса, 
Бир сәўгили ярсыз ол деге дәркар. 
Өмирдеги инсанның орны мал-дүнья менен өлшенбейди. Дөгерегиң
ҳасыл затларға, көшкидей сарайың болып, иши байлықларға толса да, бир 
сәўер ярсыз олардың сәни болмайды.
Шақсыпа ҳайўана ойдырсаң нақшы, 
Жипек ғалы-гилем төсетсең яқшы, 
Сазенде-гөйендеге айттырсаң бақшы, 
Бир сәўгили ярсыз ол неге дәркар. 
Дүньяны ғаз-ғаз басып бирде минсиз болып, барлық әрман еткен 
нәрселерге жетискен адамның да қасында яры болмаса, барлық материаллық 
байлығы бийпайда. Ҳәттеки, дүнья жүзин сораған патша бола бер, ярсыз олар 
неге дәркар, деп нәсиятлайды. 
Искендердей жердиң жүзин алсаң ҳәм, 
Ҳәр күни жетпис еки нама шалсаң ҳәм, 
Неше дәрьяларға көпир салсаң ҳәм, 
Бир сәўгили ярсыз ол неге дәркар. 
Әлбетте, шайыр сәўгили яр дегенде тек гөззал ярды ғана емес, ал адамның 
руўхый байлығының гөззаллығын нәзерде тутқан. Шынында да, билими, 
ишки дүньясы, руўхый сана-сезими төмен болса, байлық топлап абырой 
арттырғанның кереги жоқ. Шайыр усындай қосықлары арқалы халқының 
жүрегине жол таўып, оларға руўхый азық бағышлап келген. 
Шайырдың тәрийип қосықларында да қызлардың әдеп-икрамлылығын 
жоқары баҳалайды 
Хош мүлайым ҳеш бир көңил қалдырмас, 
Ақыл билән данасына не сөздур. 
(«Не сөздур»). 
Бир көргенде билур яқшы-яманны, 
Әдеп-икрамына ақылым ҳайрандур 
(«Ақылым ҳайрандур») 
Әдеп-икрамыңа ҳайран қалыппан. 
(«Перийзат»). 
Сондай-ақ, Қазы Мәўликтиң лирикаларында бәйит мазмунындағы қосықлар 
көп ушырасады. «Бәйитлер ышқы-муҳаббат, ўақты-хошлық, отырыспа, 


зыяпат, қыз-жигитлер арасындағы ҳәзил-дәлкек усаған турмыстың кеўилли 
ҳәм қызықлы тәреплерин жырлайды.
7
Миллий ояныў дәўири қарақалпақ әдебиятында социаллық жәмийетлик-
сиясий идеяларды сәўлелендиретуғын қосықлардан тысқары, ўақты-хошлық, 
кеўил көтериў, дегишпе, ышқы-муҳаббат темасындағы қосықлар да 
ушырасады. 
Шынында да, Қазы Мәўликтиң лирикаларында қарақалпақлардың ойын-
дегишпеси, гештек отырыспасы, ондағы қыз-жигитлердиң бир-бири менен 
ойнап күлгени, ышқы сезимлерин билдиреди. 
Қыз-йигитлар барша мажлислар қурар 
Кими қашын қағып көзлерин сузар. 
Кеше кундиз айшы ишрат тутқаны, 
Йигит билан дәўран сүрмек арманы 
Шайыр өмирдиң гөззаллығы байлығы сақый гөззал яр жамалына жетиў деп 
түсинеди. Бундай пикирлер «Ол неге дәркар», «Ақлым ҳайрандур», 
«Қушайды» ҳәм тағы басқа қосықларында бериледи. 
Яр болмаса заўқы-сапа керакмес, 
Бәлки, пәний дүнья маған керакмес 
(«Ақылым ҳайрандур») 
Илимпаз Қ.Жәримбетов бәйитлер аўызеки әдебиятында жүдә кең 
таралғанын, 
XIX
әсирдиң ақыры XIX әсирдиң басындағы қарақалпақ 
әдебиятында бундай қосықлардың әдебий жанр дәрежесине көтерилгенин 
Қазы Мәўлик лирикаларында дәлийллейди.

Download 0.96 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   15




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling