Microsoft Word Оразымбетова М


Қазы Мәўлик лирикаларының көркем формалық өзгешелиги


Download 0.96 Mb.
Pdf ko'rish
bet9/15
Sana30.03.2023
Hajmi0.96 Mb.
#1309724
TuriЛекция
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   15
Bog'liq
Milliy oyanıw dáwiri qaraqalpaq ádebiyatı. — lekciya

Қазы Мәўлик лирикаларының көркем формалық өзгешелиги 
Қазы Мәўлик XIX әсир классик шайырлары Күнхожа, Әжинияз, Бердақ 
дөретпелерин даўам еттирип, қарақалпақ әдебиятын жаңа жанрлар менен 
раўажландырды. 
Қазы Мәўликтиң шығармаларында 4 қатарлы жайдары қосық, ғәззел ҳәм 
муашшақ жанрлары гезлеседи. Дәстүрий 4 қатарлы қосықлар қарақалпақ 
аўыз-еки дөретпелеринде ҳәм жазба әдебиятта бурыннан қәлиплесип кең 
раўажланған қосық түри. Қазы Мәўлик лирикаларында уйқаслардың ҳәр 
қыйлы формалары, 10-11 буўынлы жайдары қосықлар көбирек ушырасады.
Сырқырайды аққан суўдың сағасы, 
Мениң ярым дуйым журттың ағласы, 
Мәрт екен деп айтып едим бир сөзди, 
Нәмәрт екен, пай заңғардың баласы.
Шығыс әдебиятында көп ушырасатуғын лирикалық формалардың 
бири-мураббалар. Сөзлик мәниси бойынша мурабба араб тилинде төрт деген 
санды билдиреди, терминологиялық мәниси бойынша төрт қатарлы бир неше 
7
Жәримбетов Қ. XIX әсир қарақалпақ лирикасының жанрлық қәсийетлери ҳәм раўажланыў тарийхы., Н., 
Билим.,2004.,124-бет 


бәнтлерден туратуғын қосықты аңлатады. Мураббаның классикалық 
үлгилери а-а-а-а, б-б-б-а, в-в-в-а түринде уйқасады. XIX әсирдеги қарақалпақ 
шайырлары Шығыс әдебиятына еликлеп мураббалар жазған, бирақ олар 
халық поэзиясына жақынластырған, сонлықтан ондай қосықлар аруз 
өлшемине ийе емес. Қазы Мәўликте де усындай формада қосықлар 
гезлеседи. Көбинесе а-а-а-в үлгисинде уйқасатуғын түрлери бар. Бундай 
қосықларына шайырдың «Ол неге дәркар», «Бендемен», «Гирипдар емди» 
«Ядыма түшти» сыяқлы қосықлары киреди. 
Бағдан шыққан алма яңлы юзлериң, 
Айланарман қара нәркес көзлериң, 
Садағаң болайын айтқан сөзлериң, 
Әўелден сөзлериң ядыма түшти.
Сондай-ақ, Қазы Мәўлик өзиниң дөретиўшилигинде Шығыс әдебиятының 
үлгилерин де шеберлик пенен пайдаланады. Мәселен, ғәззел жанрында 
шайырдың «Қурбан ҳайт» қосығы дөретилген.
Ғәззел-арабша сөз болып ҳаялларға муҳаббат, ҳаяллар менен ойнап күлиў, 
ышқы муҳаббат ҳаққында сөз жүритиўши шығарма. Ғәззелдиң басланыўы 
жуп уйқаслы болып (а,а), екинши бәйит б,а, соң в,а, г,а формасында уйқасып 
келеди. Ғәззел Шығыс әдебиятында кең тарқалған жанр. Рудакий, Саадий, 
Наўайы, Физулий ғәззел жанрының усталарынан есапланады. Қазы Мәўлик 
бойынша арнаўлы изертлеў жүргизген илимпаз Б.Дәўлетов, илимпаз 
Ә.Пахратдинов шайырдың «Қурбан ҳайт» шығармасы ғәззел үлгисинде 
жазылғаны ҳаққында пикир билдиреди. Қазы Мәўликтиң «Қурбан ҳайт» 
ғәззели юмор-сатиралық формада болып, онда үлкен социаллық мәселелер 
көтерилген. Юмор-сатиралық мазмунда ғәззел жазып шайыр қарақалпақ 
әдебиятында ғәззелдиң жаңа формасын киргизген. Диний байрамларда халық 
ғәззеллер тыңлаған. Наўайының, Бедилдиң, Молла Мәшрептиң ғәззеллери 
айтылған. 
Ҳайты қурбан келди деп, бар адамлар қурбан етер, 
Тапмаған бийшаралар лобыя салып сығман етер, 
Басқа илажы болмаған соң, хош ўақ болып кеўил етер, 
Басқа жақтан мийман келсе, кел қонағым ишип же дер,в
Бар киси жәннет дийип қурбанлыққа сыйыр жетер, 
Қуйрығына асылып, етти киши гүна кешер, 
Бийшара болса, сықпан ишип шып-шып болып терге түшер, 
Илажын тапыб ол ғәрип дозақтан ҳәм еплеп өтер, 
Болмаса ол бийшара қурбанлыққа несин сойсын, 
Ахун менен молланың алдына ал деп, ол несин қойсын, 
Әй қудайа, мен де сениң бендеңмен деп, зар йығлар, 
Айтады ол ғәрип: «Сықманға бала-шаға тойсын» 
Бул қосық арқалы турмыстың ашшы ҳақыйқатлығы ашылады. Барлар
қурбанлыққа мал сойып гүнасын кешириўди тилесе, ал жоқлар жармасын 
ишип-ақ қурбанлықты өткереди. 


Әлбетте, бурын лирикалық шығармаларды ғәззел деп атаў дәстүр болған. 
Сонлықтан, Қазы Мәўликтиң айырым қосықлары халық арасында Қазы 
Мәўликтиң ғәззеллери деп аталып кеткен.
Қазы Мәўлик Бекмухаммед улы қарақалпақ әдебиятында муашшақ жанрын 
раўажландырған шайыр. «Муашшақ»-арабша сөз болып «безелген» 
«пардозланған» деген мәнисти билдиреди. Муашшақта қосық қатарларының 
басындағы ҳәриплерди қосып оқығанда адам ямаса заттың атлары келип 
шығады. Қарақалпақ әдебиятында Әжинияз шайыр, Сәпиўра шайыр әлипбе 
қосықларын дөреткен. Әлипбе қосықлары менен муашшақ бир-биринен парқ 
қылады. Бул ҳаққында илимпазлар Қ.Жәримбетов, Қ.Оразымбетовлар пикир 
билдирген. 
Муашшақ жанры өзбек әдебиятында XIX әсирдиң 2-ярымында кең 
раўажланған. Әсиресе, Мунис, Увайси, Шавқий, Муқимий, Фурқат- муашшақ 
жанры менен аты шыққан. Әжинияздың әлипбе қосықларында араб 
әлипбесиндеги ҳәриплер қосықтың ҳәр бир қатарының басында келтирилип 
жазылған. («Ай әлип», «Бери кел» қосықлары). Ал муашшақларда қосык 
қатарларының басындағы дәслепки ҳәриплерин төмен қарап оқылса адамның 
яки белгили бир адамнын атлары келип шыгады. Қазы Мәўликтиң «Ақлым 
ҳайрандур», «Сәпиўра менен айтысы», қосықлары муашшақ усылында 
жазылған. Муашшақ ҳәр қыйлы усыллар арқалы жасала береди.
Мәселен, «Сапиўра менен айтысы»нда араб әлипбесиниң қосындысынан 
«Сафура» исми окылады. 
Сабырдан «сат» алып сапаға йетир, 
Фырақтың «фе» алып панаға йетир, 
Ўәсмийдин «ўаў» алып опаға йетир, 
Йәки бизни ҳижраныңда зар әйле. 
Рамазандин «ре» алсаң раўа болурма, 
Ҳәўестиң «ҳе» алсаң ҳаўа қалурма, 
Шул бир дәртиңе даўа болурма, 
Наданлардың сөзлемектин ар әйле. 
«Ақлым ҳайрандур» қосығында араб әлипбесиндеги ҳәриплер арқалы 
«Яқытджан» атлы қыздың исми оқылады. Бунда шайыр муашшақтың 
дәсүрий емес формасынан пайдаланады. Шайыр ҳәрипти қосықтың басында 
емес, ал ҳәр бир бәнтинде жасырған. Қосықтың 8-бәнтинде «Яқытжан» деген 
қыздың исми оқылады. Қосық мазмуны бойынша тәрийип жанрында 
жазылған. Қосықтың дәслепки 6 бәнтинде муашшақ жасырылмаған. 
Кириспеден баслап қыздың тәрийипи баян етиледи. 7-бәнттен баслап 
муашшақ басланады. 
Бир ҳәриби йа (Я) ерур яндырды бизни, 
Ҳәр ким ықлас етер көрмеге сизни, 
Яш ана туғмады шул яңлы қызны, 
Көңлим саўдасына ақлым ҳайрандур. 


Солай етип, Қазы Мәўлик муашшақтың дәстүрий емес формаларын 
қарақалпақ әдебиятына енгизген шайыр.
Қазы Мәўлик пенен Сәпиўраның айтысы қарақалпақ әдебиятында белгили 
орын тутады. Бул айтыс ҳаққында илимде ҳәрқыйлы пикирлер бар. 
Қ.Айымбетовтың «Халық даналығы» китабында, К.Алламбергеновтың 
«Қарақалпақ әдебиятында айтыс» мийнетинде «Сейфулғәбит пенен Қазы 
Мәўликтиң айтысы» деп көрсетеди. Ә.Пахратдинов пенен Ҳ.Өтемуратованың 
«XIX әсирдиң ақыры XX әсирдиң басындағы қарақалпақ әдебияты тарийхы» 
хрестоматиясында, Б. Дәўлетовтың «Қазы Мәўликтиң дөретиўшилик жолы» 
мийнетлеринде «Қазы Мәўлик пенен Сәпиўра қыздың айтысы» деп 
көрсетилген. 
Қазы Мәўлик Сейфулғәбит пенен де Сәпиўра қыз бенен де айтысқан. 
Қазы Мәўлик Сәпиўра менен жазба түрде сораў-жуўап түринде айтысқан. Ал 
Қазы Мәўлик пенен Сейфулғәбиттиң айтысы жәмийетлик машқалаларды, 
яғный ағартыўшылық мәселелер бойынша пикир алысады. 
Сәпиўра Қазы Мәўликке дослық, танысыў хатын жоллап, онда жумбақлы 
сораўлар бериледи. Өзиниң 18 жасқа толғанын, 18 жылда неще саат, неше 
минут болатуғынын, 12 жастан ораза тутып, намаз оқығанлығын, алты 
жылдан берли намазының саны, адам күниге неше рет дем алады, 18 жылда 
қанша балатуғынлығын, сорап хат жоллайды. 
Сәпиўраның 1- хатына Қазы Мәўлик жуўап жазбайды. Айлап жуўабын 
күтип және 2 -рет хат жоллайды. Бул хатты муашшақ усылында Қазы 
Мәўликтиң исмин қосық қатарларында келтиреди ҳәм 1-хатының жуўабын 
сорайды.
Қазы Мәўлик қыздың 2-хатын алғаннан соң, ол ҳаққында қызықсына 
баслайды ҳәм С. Мәжитовтан сорап оған хат жоллайды. Қазы Мәўлик 
Сәпиўраға қайтарған жуўабын муашшақ түринде жазады ҳәм Сәпиўраның 
сораўларына жуўап қайтарады. Хатының соңында Сәпиўраның келип 
кетиўин өтиниш етеди. Сәпиўра Қазы Мәўликке жазған 3-хатында өкпели 
пикирин билдиреди.
Пәҳим еткен қызлардың барары барму, 
Ел гезген бийҳая сайып төрему, 
Базар бармақ бизге раўа боларму, 
Қәлеген мийўаңды тере бер енди. 
Жазған хатларымның бәрин қайтар дейди. Қазы Мәўлик Сәпиўраның 
талантына, билимине үлкен баҳа береди.
Солай етип, Қазы Мәўлик Бекмухаммед улы Миллий ояныў дәўири 
әдебияты тарийхында ағартыўшы, аўдармашы, қыссахан, лирик шайыр 
сыпатында үлкен орны бар. Шайыр қарақалпақ поэзиясын жанрлық жақтан 
раўажландырған, ҳаял-қызлар тематикасын байытқан, халыққа руўхый азық 
бағышлаған зыялы инсанлар қатарынан орын алды ҳәм оның дөретпелери 
әўладлар ушын бай мийрас болып табылады.
Пайдаланылған әдебиятлар. 


1. Айымбетов Қ. «Халық даналығы». Н.1988.
2. Байниязов Қ. «Қазы Мәўлик шайырдың тәрийп ҳәм мухаббат 
қосықлары». Әмиўдәрья журналы. 1987.
3. Пахратдинов Ә. «XIX әсирдиң ақыры XX әсирдиң басындағы 
қарақалпақ әдебияты тарийхы». Н. 1996. 154-178-бетлер. 
4. Дәўлетов Б. «Қазы Мәўликтиң дөретиўшилик жолы». Автореферат. 
2002.
Тема бойынша сораўлар: 
1. Қазы Мәўлик шығармаларының жыйналыўы ҳәм изертлениўи. 
2. Қазы Мәўликтиң қыссаханлық ҳәм ағартыўшылық хызметлери. 
3. Шайырдың лирикаларының жанрлық өзгешелиги. 
Тапсырмалар: 
1. Илимий әдебиятлардан конспекти жазыў. 
2. «Шымбай баязы» қосығына көркем талқы ҳәм қосықты ядлаў.

Download 0.96 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   15




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling