Microsoft Word Оразымбетова М


Download 0.96 Mb.
Pdf ko'rish
bet1/15
Sana30.03.2023
Hajmi0.96 Mb.
#1309724
TuriЛекция
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   15
Bog'liq
Milliy oyanıw dáwiri qaraqalpaq ádebiyatı. — lekciya



ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРЫ ҲӘМ ОРТА 
АРНАЎЛЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ МИНИСТРЛИГИ
 
 
 
 
 
 
Қарақалпақ әдебияты тарийхы ҳәм фольклоры
 
кафедрасы
 
МИЛЛИЙ ОЯНЫЎ ДӘЎИРИ 
ҚАРАҚАЛПАҚ ӘДЕБИЯТЫ ПӘНИНЕН 
ЛЕКЦИЯ КУРСЫ
 
Дүзген
: М.Оразымбетова 
Нөкис - 2012 
 
 
 
 
 


Миллий
 ояныў дәўири қарақалпақ әдебияты ҳаққында түсиник 
Жобасы. 
1.Пәннин мақсети ҳәм ўазыйпалары 
2.XIX әсирдин ақыры XX әсирдиң басындағы тарийхый, сиясий, мәдений 
жағдайлар. 
3. Әдебий, мәдений байланыслар.
Таяныш сөзлер. Миллий ояныў дәўири қарақалпақ әдебияты түсиниги, 
демократиялық идеялар, мәдений жаңалықлар, қыссаханлық, әдебий 
байланыслар ҳаққында түсиник. 
Миллий ояныў дәўири қаракалпақ әдебияты XIX әсир классикалық 
әдебиятының даўамы есапланады. Бул дәўирдеги әдебият өзине шекемги 
қарақалпақ әдебиятынан тарийхый, сиясий жақтан, сондай-ақ тематикалық, 
идеялық жақтан да парқ қылады. 
Бизге белгили 1873-жылы баслап Хийўа ханлығының Патша Россиясының
астына өтиўи, карақалпақлардың сиясий, тарийхый ҳәм социаллық жақтан 
өзгериўине тәсирин тийгизеди. Қарақалпақлар сиясий жақтан екиге бөлинип 
Әмиўдәрьяның оң жағасындағы жасаўшы қарақалпақлар ақ патшаға қараслы 
болды да, ал шеп жағасындағылар Хийўа ханлығының қарамағында қалды. 
Бул нәрсе қарақалпақлардың үрп-әдетине, мәдениятына, әдебиятына 
үлкен тәсирин тийгизбеди. Қарақалпақ әдебияты өзине шекемги Жийен 
жыраў, Күнхожа, Әжинияз, Бердақ поэзиясынан нәр алып, солардың 
дәстүрин сақлап қалып раўажланды. Әлбетте, көркем әдебиятқа ҳәр қандай 
тарийхый шараят тәсирин тийгизеди, сол тийкарда раўажланады. Миллий 
ояныў дәўири әдебияты идеялық, тематикалық жақтан өзине тән өзгешеликке 
ийе болды. Ҳәттеки дәўирдиң сиясий өзгерислери көркем әдебиятта 
сәўлеленип барды. Мәселен, қарақалпақлардың сиясий админстративлик 
жақтан екиге бөлингенлиги ҳаққында Сыдық шайыр өзиниң “Заман” 
косығында: 
Журтымыз еки бөлинди 
Пуқара тозып бүлинди,
деп жазған болса, Аяпберген шайыр өзиниң “Тәрийип” лирикасында 
Аржақ-бержақ болып еки сан болған 
Бөлим-бөлим еллер қарақалпақта
деп жырлайды. 
Хийўа тәрепиндеги қарақалпақларда басқарыў системасы бурынғысынша 
қалды. Яғный бунда хан, оннан кейин найып, соң беглер беги, соңынан 
аталық, оннан кейин ел бийлери сайланып қойылады. Ал патша Россиясының 
қарамағына өткен тәрепинде жаңа ҳәкимлик басқарыў түрлери ислеп 
шығылды. Өз алдына Әмиўдәрья округы дүзилип, ол Түркстан генерал-
губернаторына қараслы болды. Әмиўдәрья округының орайы Петро-
Александровск қаласы болып, оның басында музаппат турады. Әмиўдәрья 
бөлими еки бөлимге бөлинип, ҳәр бөлимди ояз басқарады, оны пристав деп 


атайды. (Шорахан бөлими ҳәм Шымбай бөлими). Ҳәр бир бөлими бир неше 
болыслыққа бөлинген. 
Қарақалпақлардың шегарасы Хийўа ханлығы ҳәм орыс патшалығы деп 
бөлинип тасланғаны менен пухара халық бир-бири менен тығыз байланыста 
әдебиятын, мәдениятын, үрп-әдет дәстүрлерин бирге раўажландырды. 
Бул дәўирдеги ең ири тарийхый ўақыялар патша Россиясының қазыў 
сиясаты, ондағы әдалатсызлықлар, болыс сайлаўға қарсы халықтың 
демократиялық көзқараслары, XX әсирдиң басынан басланған еркинлик, 
азатлық ушын болған халық көтерилислери болып есапланады. 
XIX әсирдиң ақыры XX әсирдиң басында қарақалпақ халқының 
экономикалық, социаллық турмысында болған жаңа өзгерислердиң бири 
санааттың өсиўи менен жергиликли халықтың ишинен жумысшылар 
класының пайда болыўы болып табылады. Бул нәрсе халық ортасында 
миллий азатлық ҳәрекетлердиң өсиўине алып келди. 
Усы дәўирде халықтың мәдений өмиринде бираз алға илгерилеўшилик 
болды, деп айта аламыз. Әсиресе, XX әсирдиң басларында Петро-
Александровскиде китапханалар ашылып, онда Орта Азияда, Россияда 
шығатуғын ҳәр түрли газета-журналлар болды. Мәселен, “Русский Туркстан” 
“Среднеазиатская жизнь” “Туркстанская туземная газета” атлы газеталар 
қарақалпақларға таныс болды. 
Халықтың билим алыўға деген умтылыўшылығы асты. Аўыллық мектеплер, 
медресе, мешитлер ағартыўшылық орайы болып, халық кеўлине руўхый нур 
сеўди. Айырым адамлар Хийўа, Бухарадағы медреселерде оқып қайтты. 
Мәселен, Миллий ояныў дәўири әдебиятының белгили ўәкиллери Қазы 
Мәўлик, Қоразбек шайыр Бухара медресесинде тәлим алған. 
Халықтың миллий, әдебий мийрасларын жыйнаў, баспада жәриялаў ислери 
басланды. Мәселен, 1875-жылы Н.Коразин “Ески ҳәм жаңа Россия” 
китабында 
қарақалпақ 
ертеклерин 
дағазалады.“Туркстан 
ўалаяты”, 
“Туркстанская туземная газета” газеталарында 1878-1880- жыллары 
Әжинияздың “Қыз менеш пенен айтысы” жәрияланды. Орыс илимпазлары, 
фольклористлери А.Беляев, Диваев, Мелиоранский ҳ.т.б. қарақалпақ 
фольклорын жыйнаў ҳәм баспада дағазалаў ислери менен шуғылланды. 
Мәселен, қарақалпақ дәстанлары “Қоблан”, “Едиге” XX әсирдиң басында-ақ 
баспадан китап болып шықты. 
Қарақалпақ мәдений өмиринде қыссаханшылықтың орны айрықша болды. 
Әсиресе, бул өнер XIX әсирдиң ақырында пайда болып ҳәм тез раўажланды. 
Қыссаханлық мектеплери бир қанша ағартыўшылық жумысларды алып 
барды. Қарақалпақ мәденияты тарийхында 1-мәрте қыссаханлық мектебин 
шөлкемлестирген Қоразбек Разбек улы болды. Бул мектептен бир неше 
мектеплер бөлинип шыққан. Бир ғана Қәўендер бала мектебинен Аббаз, 
Қазақбай, Қурбанбай, Ҳилал усаған қыссаханлар жетилисти. Олар 
тийкарынан саўатлы адамлар болып, халық аўызеки үлгилерин, классик 
шайырларымыздың дөретпелерин халық арасынан жазып алып, оларды 
қысса жолы менен атқарған. Әсиресе, Бердак, Әжинияз, Күнхожа 


шайырлардың шығармаларының өз оргиналлығында сақланып бизиң 
дәўиримизге жетип келиўинде қыссаханлардың хызмети айрықша болды. 
Қыссаханлар аўдармашылык ислери менен де шуғылланды. Олар түркий 
халықларының дәстанлары “Ғәрип ашық”, “Ашык Ҳәмре”, “Ахмет-Юсуп” 
“Юсуп-Злийха”, “Гөруғлы” дәстанларын қарақалпақ тилине аўдарды. 
Оларды өз репертуарларына айландырды. Сонын менен бирге, қыссаханлар 
кәтиблер болып есапланады. Олар халық дәстанларын қолдан көширип 
жазып халық арасына таратқан. Мәселен, Аббаз шайыр өз еске 
түсириўлеринде Қазы Мәўликтиң “Ғәрип ашық” дәстанын аўдарма ислеп, 
оны бир неше нускада көширттирип отырғанын, қыссаханлар дәстан 
китапларды сатып алыў ушын гезекте туратуғынын, өзи де бир ярым айдан 
кейин китапты алғанлығын айтады. 
Қыссаханлар 
халық 
дәстанларынан 
тысқары 
Шығыс 
әдебиятының 
жулдызлары Фердаўсий Низамий, Физулий, Наўайының шығармаларын 
қарақалпақ тилине аўдарған. 
Солай етип, қыссаханлар әдебий тил нормаларының қәлиплесиўине, басқа 
халықлар 
менен 
әдебий 
байланыслардың 
раўажланыўына, 
жазба 
мәденияттың өсиўине үлес қосты. 
Миллий ояныў дәўири қарақалпақ әдебияты жазба әдебиятлық характерге 
ийе болды. Әдебияттың ўәкиллери Аннақул Мәмбетхожа улы, Әбдиқәдир 
Бекимбет улы, Қулмурат Қурбаналы улы, Коразбек Разбек улы, Казы Мәўлик 
Бекмуҳаммед улы, Сәпиўра Жайылбек қызы, Жаңабай Қаратай улы, 
Аяпберген шайыр, Аббаз шайыр, Казақбай шайыр өз дәўириниң саўатлы 
адамлары болды. 
Халык шайырларының көпшилиги қыссаханшылықтан өсип жетилисти. 
XIX әсирдиң акыры XX әсирдиң басындағы әдебиятта жырланажақ темалар 
айкынырақ болды. Олар өзине шекемги миллий әдебияттың халықлық, 
демократиялык, гуманистлик дәстүрлерин даўам еттирип дәўирдин ашшы 
ҳакыйқатлығын, әдалатсызлық пенен зулымлықты әшкара етти. Мәселен, 
Аннақулдың “Қазыўда”, “Ораз алды”, “Сайланған ақсакалға», Қулмураттың 
«Он тоғыз», «Залымлар үсин үдтти», Сыдықтың «Заман», «Ақ қапшық», 
Әбдиқадирдиң «Қызкеткен», «Жақсыды» косыкларында коркем публицизм 
басым. Дәўирдиң ашшы ҳақыйкатын өткир сатира менен түйреп жазыў 
Сыдық шайырдын, Омардың, Әбдиқәдирдин лирикаларында көбирек 
көринеди. Бул дәўирде лирика мазмуны жағынан ҳәр тәреплеме байыды. 
Лириканың публицистикалык, дидактикалық, тәрийип, муҳаббат, юмор-
сатиралык, налыш жанрлары көркемлик ҳәм идеялық жақтан байыды. 
Әсиресе тәрийип лирикасы жоқары көркемлилик пенен раўажланды. Қазы 
Мәўликтиң 
«Шымбай 
баязы», 
«Ақылым 
ҳайрандур», 
«Перийзат», 
Аннақулдың «Көк өзек бойы», «Қызлардың», Қулмураттың «Бегдиң көк 
аты», Аяпбергенниң «Тәрийип», Жаңабай шайырдың бир қатар тәрийип 
лирикалары ҳәр бир инсанда миллий мактаныш сезимин оятады. 
әҳмийети жоқары көтерилди. Көркем әдебият халықлық әдебият болды; 


-Шайырлар тек халықлық Сондай-ак лириканың көркемлик жактан 
раўажланыўына усы дәўирдиң саўатлы шайыры ҳәм қыссаханы Казы 
Мәўликтиң орны айрықша болды.
Солай етип миллий ояныў дәўири әдебияты өзине тән раўажланыў жолына 
ийе болды; 
- Бул дәўирдеги әдебияттың жәмийетлик социаллық шығармаларды 
дөретиўшилер 
ғана 
емес, 
ал 
халықлық 
мәдениятты 
жыйнаўшы, 
атқарыўшылары да болды. Булар шайыршылық мәдениятта өзлери саўатлы 
дөретиўшилик пенен шуғылланыўшылар екенлигин көрсетти; 
- Миллий әдебият өзине шекемги халықлық, демократиялық, гуманистлик 
дәстурлерди дәўам еттирип дәўирдиң әдалатсызлықларын бираз айкынырық 
түрде сәўлелендирди. 
-Көркем әдебият мазмуны жағынан байыды. Лириканың ҳәр қыйлы 
жанрлары раўажланды. 
Пайдаланатуғын әдебиятлар 
1. Каримов И. «Истиқлол ва маънавият»
2. Каримов И. Ўзбекистон Миллий истиқлол, иқтисод, сиёсат, мафкура
3. Қ.Айымбетов Халық даналығы Нөкис. 1988 
4. Пахратдинов Ә. XIX әсирдиң ақыры ҳәм XX әсирдиң басындағы қарақалпақ әдебияты. 
Нөкис 1996 
5. Әлеўов Ө Қарақалпақстанда тәлим-тәрбиялық ойлардың қәлиплесиўи ҳәм 
раўажланыўы. Нөкис 1993 
6. Авторлар. Маънавият юлдузлари. Ташкент. 2001
Тема бойынша сораўлар 
1.. XIX әсирдиң I- ярымындағы тарийхый- сиясий жағдай. 
2. XIX әсирдиң ақыры XX әсирдиң басындағы қарақалпақ миллий ояныў әдебиятында 
жәмийетлик сиясий көз-қарас ҳәм миллий сана. 
3.Қыссаханлық. әдебий байланыслар. 
Тапсырмалар` 
1 Илимий әдебиятлардан конспект жазыў. 

Download 0.96 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   15




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling