Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги


Банклерди4 екинши функциясы-пул айланысы т1ртипке салы7 функциясы. Банклер т6рли хожалы3 субъектлер ар3алы 5титеу2ын т5ле7 айланысыны4 орайлы3


Download 0.51 Mb.
bet17/18
Sana08.03.2023
Hajmi0.51 Mb.
#1251370
TuriЛекция
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   18
Bog'liq
лекция ПКБ 2010

Банклерди4 екинши функциясы-пул айланысы т1ртипке салы7 функциясы. Банклер т6рли хожалы3 субъектлер ар3алы 5титеу2ын т5ле7 айланысыны4 орайлы3



Брокерлик функциясы

№амсызландыры7
функциясы

Жам2арма функциясы

Банк инвесторы функциялары

Заманаг5й банк функциялары

Инвестициялы3 режелестири7 функциялары

Траст 3ураллы3 функциялары

Т5ле7 функциялары

Кредит бери7 функциялары

Пул а2ымларын бас3ары7 функциялары

3аржыны4 м1лим б5легин на3 пул формада есап санынан алы7ы м6мкин. Бул жа2дайда айланывста пул массасыны4 сыпатында шы2арады. Есап-китаплар тизими ар3алы банклер 5злерини4 клиентлерине айырбасла7ды 1мелге асыры7ы, пул 3ажылары 81м капиталды айланы7ы ушын м6мкиншилик жаратып береди. Банклер ар3алы алын2ан субъектлер 81м бир п6тин м1млекет экономикасында2ы оборот 5теди. Айланыс3а кредит пулларды шы2аоы7 функциясы коммерциялы3 банклерди бас3а финанс институтларынан ажыралып турады. Комерциялы3 банклер депозит кредит эмиссия 3ыл2аныда, ссудалар бергенинде пул массасы асады 81м ссуда банкке 3айтарыл2анда айланыста пул массасы кемейеди.


Коммерциялы3 банклер кредит пулларды жараты7ды4 эмитенти есапланады. Коммерциялы3 банк т1репинен клиентке берилген кредит оны4 есап санына 5ткизиледи 81м банкти4 3арыз м1жб6рияты артады. Клиент бул му2дары асады. Соны4 ушын 81м коммерциялы3 банклер ислери 6стинен Орайлы3 банк 3ада2ала7 алып барады.
Коммерциялы3 банклерди4 з1р6р функцияларыны4 бири-есап-китапларды алып бары7. Есап-китапларды алып бары7да банк клиентлери ортасында 3урал болып хызмет етеди. Банклерди4 бул функциясы 3ураллы3 функциясы болып, бу2ан тийкарынан банклерди4 т5ле7лердеги 3уралшылы2ы ислери т6синиледи. Банклер ар3алы к1рхана, ш5лкемлер ва халы3ты4 т5ле7лери 5ткизиледи. Экономикалы3 5мир орайында жайлас3ан банклер бул функциясы ар3алы бул хожалы3 талапларынан келип шы33ан жа2дайда капиталды м6ддети, му2дары ва ба2дарлары 5згертири7ге имкан алады. Банклерди4 бу функциясы к5бирек 3аржыларды 5ткизи7 функциясы сыпатында пайда болады.
Тема Коммерциялық банклер ҳәм олардың ис ҳәрекети
Реже

  1. Коммерциялық банклердиң операциялары

  2. Банк хызметлери

  3. Коммерциялық банклер ликвидлилигин ҳәм пайдалылығын асырыў машқалалары

« Коммерциялық банклер ҳәм олардың ис ҳәрекети» атамадағы ашық сабақ мақсети
Бул теманы өтиўдиң тийкарғы мақсети студентлерге коммерциялық банклер ҳәм олардың ис-ҳәрекети, олардың кредит шөлкемлеринен айырмашылығы, тийкарғы функциялары, олардың тийкарғы операциялары болған актив ҳәм пассив операциялар ҳаққында, банк хызметлери ҳаққында тийкарғы түсиниклерди бериў. Коммерциялық банклердиң түрлерине, олардың операцияларының түрлерине, банк хызметлерине характеристика бериў. Өзбекстан коммерциялық банклериниң актив ҳәм пассивлери ҳаққында мағлыўматлар келтириў. Бул теманы өтиў нәтийжесинде студенттиң коммерциялық банклер ҳәм олардың ҳәрекети ҳаққында өз бетинше пикирлеўге ерисиў.
ТАЯНЫШ СӨЗЛЕР: Коммерциялық банклер, коммерциялық банклер операциялары, банк хызметлери, актив операциялар, пассив операциялар, банк ресурслары, депозит, банк клиентлери, эмиссион операциялары, ссудалық операциялар, есапласыў операциялары, кассалық операциялары, инвестицион операциялары, фондлық операциялары, гарантиялық операциялары, комиссион операциялары, ликвидлилик түсиниги, төлеў қәбийлетлилиги түсиниклери.
Коммерциялық банклер банк системасының тийкарғы элементи болып табылады. Ҳәзирги коммерциялық банклер тиккелей карханаларға ҳәм өзиниң клиентлери болған физикалық тәреплерге хызмет көрсетиўши банклер банклер болып мүлк формасынан ғәрезсиз экономиканың өз бетинше субьекти болып табылады.
Коммерциялық банклер пул каржыларын жыйнаўшы ҳам қайта бөлистириўши, өзиниң клиентлери болған юридикалық ҳам физикалық тәреплерге банклик хызмет көрсетиўши кредит кәрханасы.
Олардың клиентлер менен қатнасы коммерциялық характерде болып табылады.
Банк нызамлықлары бойынша банк-юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң пул қаржыларын тартыўға ҳәм пул қаржыларын өзиниң атынан қайтымлы, төлемли, мүддетли шәртлеринде жайластырыўшы сондай-ақ, өзлериниң клиентлериниң тапсырмасы бойынша есапласыў операцияларын өткериўши кредитлик кәрхана болып табылады.
Демек, коммерциялық банклер клиентлерине комплекс хызмет көрсетиўши кәрханалар екен яғный кредит кәрханаларының коммерциялық банклерден айырмашылығы кредит кәрханалары тек ғана айырым банк операцияларын әмелге асырады.
Коммерциялық банк функциялары

  1. депозитлерге пул қаржыларын жыйнайды

  2. пул қаржыларын жайластырады

  3. клиентлерине кассалық есапласыў хызметлерин көрсетеди

Коммерциялық банклердиң өткеретуғын операциялары характери бойынша классификацияланыўы.

  1. универсаль коммерциялық банклери

  2. тармақ банклери

  3. қәнийгелескен банлкер

  4. регионал банклер

Банклер ҳәм банклер ҳаққында нызам бойынша банк операцияларына төмендеги операциялар киреди.

  1. Юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң пул қаржыларын анықланған мүддетке қойылмаларға тартыў.

  2. Өзиниң атынан кредит бериў.

  3. Юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге есап бетин ашыў ҳәм алып барыў.

  4. Клиентлер тапсырмасы бойынша есапласыўларды өткериў

  5. Пул қаржыларының инкасациясы ҳәм клиентлерге кассалық хызмет көрсетиў.

  6. Мүлк ийеси менен келисим бойынша пул қаржыларын басқарыў

  7. Юридикалық ҳәм физикалық тәреплерден шет ел валютасын нақлай ҳәм нақлай емес формада сатып алыў ҳәм сатыў.

  8. Ҳәрекеттеги нызамлықларға сәйкес қымбат баҳалы металлар менен операцияларды әмелге асырыў.

  9. Банк гарантиясын бериў

Банк хызметлериниң тийкарғы характеристикасы

  1. хызметлердиң материаллық емес мазмуны

  2. таза банк хызметиниң авторы авторлық ҳуқыққа ийе емеслиги

  3. банк филиаллары бир қыйлы банк хызметлерин көрсетиўшилиги

  4. банк хызметлери нызамлылықлар тәртибинде регламентлестирилиўи.

Коммерциялық банклердиң барлық операциялары 3 группаға бөлип қаралады.

  1. Пассив операциялар

  2. Актив операциялар

  3. Аралас операциялар яғный актив-пассив операциялар


Клиентлердиң қаржыларын хызмет көрсетиў менен тартыў





Пассив операциялар (қаржыларды тартыў)



Клиентлердиң қаржыларын хызмет көрсетпестен тартыў


Басқа дереклерден қаржыларды тартыў







Банклердиң өзиниң есабынан ҳәм өзиниң пайдасынан өткерген операциялары


Актив операциялар (қаржыларды жайластырыў)









Клиентлердиң есабынан олардың тапсырмасы бойынша өткерген операциялары



Актив-Пассив операциялар (комиссион дәлдәлшилик операциялары)





Клиентледиң тапсырмасы менен комиссионлық тийкарында өткерген операциялары


Коммерциялық банклердиң жәми активлериниң өзгериў динамикасы (млрд.сўм)



Киши исбилерменлик субъектлерине ажыратылоған кредитлер (млрд.сум)



Коммерциялық банклер және де қымбат баҳалы қағазлар шығарыў ҳәм жайластырыў менен шуғылланыўы мүмкин.


Коммерциялық банклери клиентлеринин экономикалық жағдайын қадағалаў, клиентлерге ҳәр қыйлы хабарлар, мәсләҳәтлар бериўи мүмкин. Жүдә үлкен өз капиталына ийе болған коммерциялық банклер үлкен инвестор сыпатында шығыўлары, яғный улыўма халық хожалығы раўажланыўына тәсир көрсетиўи ҳәм экономикалық мәселелерди белгилеўлери мүмкин.

Мүлкти басқарыў ҳәм капитал пайда етиўдиң үлкен акционерлик ҳуқықый форма атағын коммерциялық банклер алады финанс базарларына қатты тәсир көрсетиўи көплеп холдинглик фирмалар ҳәм кәрханалар пайда етиўи, сондай-ақ қатнасыўшының түрли формаларын раўажландырыўы тийкарында өз ислерине бирқанша диверсификациялаў мүмкин болады.


Сондай етип, банк бул ҳүкимет, кәрхана, халыққа ҳәм басқа банклерге пуллық ва қымбат баҳалы қағазлар менен түрли операцияларды әмелге асырыўшы хәмде финанслық хызметлерин көрсетиўши финанслық шөлкемлер.
Банклер мәлим тәреплер тәрепинде ис көрсетеди. Банклерди биринши ҳәм тийкарғы тәрепи бул оларды ҳақыйқый пайда келтиретуғын қаржылар муғдарында ис көрсетеди. Бул тәреплер банклерди өз қаржылары муғдарында берилетуғын қаржылардың кредит муғдарына туўры келиўин, бәлким банк активлерин қәсийетлери менен жалп қылынатуғын қаржылар қәсийетлерине туўры келиўин тәмийнлеўлери керек. Ен дәслеп бул оларды мүддетлери бойынша сәйкес келиўи. бирақ коммерциялық банкиде көп пайда алыў шекленген. Бириншиден, үлкен маржа изинен қуўыў клиентлериниң азайып қалыўына алып келиўи мүмкин, себеби олар өзинен артық үлкен қойылған ставкалы кредиттен ўаз кешиўлери мүмкин, екиншиден банклер аралық шараятында басқа коммерциялық банклер арасынан бир қадем нәтийжелилик ислери ушын арзан кредитлерге мирәт етилиўи мүмкин.
Банклердиң таянатуғын екинши зәрүрий тәрепи, бул олардың толық экономикалық ғәрезсизлилиги болып табылады. Банклер өз ислери нәтийжелери ушын өзлери толық ғәрезсиз ҳәм жуўапкерли. Бул өз нәўбетинде банклерди өз қаржыларын, жалп етилген пул қаржыларын ғәрезли басқарыў клиентлер ҳәм жамғармаларды еркин таңлаў, дәраматларды басқарыў, салықларды төлеў киби ҳуқықларды береди. Коммерциялық банклер нәзеринен алып қарағанда бийкар жатқан қаржылар болмаўы керек. Басқаша етип айтқанда банктиң ҳәмме пуллары, барлық қаржылары имкан болғанынша ислеўи керек. Бирақ, ҳақыйқый жағдай усыннан ибарат болады, қаржылардың бир бөлеги лимитке қойылады, ол айланыста кемирек қатнасады яки улыўма қатнаспайды.
Өз-өзинен көринип турыпты банк бизнесин алып қарағанда бул тәбиий соның ушын ҳәм бирлемши ҳәм екилемши кредитлер салмағы қәншелли үлкен болса пайда ҳәм соншелли көп келиниўин билип қойған мақул.
Үшинши тийкарғы тәреп, бул коммерциялық банклерди өз клиентлери менен қатнасықлары әпиўайы базар қатнасықларына сәйкес көриледи. Банк кредитлерин бериў процессинде базар қатнасықларына таянған ҳалда олардың пайдалылық, риск ҳәм ликвидллик келип шығады. Банк ислериниң зәрүр қағыйдаларынан және бири банк экономикалық кәрхана сыпатында өз қаржысы, өз пайдасы үстинен тәўекел ис тутыўы мүмкин, клиент қаржысы жүзесинен емес.
Коммерциялық банк ҳәмме нәрсе клиент ушын ҳәмме нәрсе оның пайдалы ислеринен тәмийнлеў ушын қағыйдасы тийкарында ҳәрекет қылыўы лазым. Банктиң әмелий ислеринде ең зәрүри клиенттиң пайда көриўи, оннан кейинги банктиң пайдасы. Коммерциялық банктиң клиентлерге қарағанда шериклик қатнасығы өз-ара мәпли қағыйдасына тийкарланыўы лазым. Банк ушын ҳәм клиент ушын ҳәм қатнасықлық тәперинен арттырылған исеним олар ортасындағы шериклик қатнасларын беккемлейди. Жақсы шерик болыўы қәлеген банк өз клиентлерин хызметлери менен тәмийнлениўи зәрүр.
Коммерциялық банклердиң төртинши тәрепи бул олар ислерин қадағалаў ҳәм тәртипке салыўда тек ғана экономикалық усыллардан пайдаланады.
Егер мәмлекетте жетерли дәрежеде банк ислерин көрсетип атырған банклер, кредит шөлкемлери ҳәмде экономикалық шөлкемлер пайда болса ол жағдайда банк тизими пайдалылығы ҳаққындағы гәп жүритсе болады. Усы шараятта банклер ҳәм кредит шөлкемлери түрли формаларда барқулла өз клиентлери, экономика субектлери болған Орайлық банк, басқа органлар, мәмлекет ҳәкимиятлары ҳәм мәмлекет басқарыў органлары өз-ара яки жәрдемши шөлкемлер менен байланыста болып турады.
Банк тизими- шөлкемли дүзилме сыпатында үлкен тизим болып- мәмлекеттиң экономикалық тизимине киреди. Бул соны билдиреди, банклердиң ислерине ҳәм раўажланыў ислери шығарыў айланыс ҳәм пайда қылыў менен байланыслы ҳалда көрип шығыў зәрүр. Өзиниң әмелий ислеринде банклер хожалық өмирин тәртипке салыў механизми менен үзликсиз байланыста.
Соның менен бирге банклер салық тизими, баҳа тизими., баҳа ҳәм дәрамат сиясаты, сыртқы ислер экономикалық ислер шәртлери менен үзликсиз байланыста болыўы шәрт. Бул усыннан дерек береди мәмлекеттеги сиясий эконмикалық өзгерислер көп ҳалларда банк тизими менен байланыслы.
Банк тизими-бул мәмлекет шегарасында тарихан қәлиплескен ҳәм нызам менен беккемленген кредит шөлкемлериниң ислерин көрсетиў формасы. Пул ҳәм финанс тизими киби банк тизими өзине сәйкес миллий белгилерге ийе. Усы белгилер усы шегараның географиялық шәртлери ҳаўа-райы халық миллий дүзилиси, олардың не менен шуғылланыўы, қоңсылар менен қатнасы, саўда жоллары тийкарында қәлиплеседи.
Банк тизими тек ғана бир мәниге ийе емес. Оны түрли тәреплеме көриў, түрли жағдайларға қарап топарлаўы мүмкин. мәселен оларды шөлкем дүзилисине көре инститционал сызыў көринсиниде көрип шығыў мүмкин. буннан тысқары банк тизимин орынлайтуғын функциялары өз-ара қатнаслықлары, арнаўлы бағдары, орынлайтуғын операциялар ҳәм оларды алып шығыўға қарап ҳәм топарлаў мүмкин.
Коммерциялық банклерди белгилерге қарап төмендеги түрлерге бөлиў мүмкин. мүлкшилик формасына қарап банклер` мәмлекет банкиге, акционер банклерге, кооператив, жеке меншик, аралас мүлкшиликке тийкарланған банкке бөлинеди.
Акционер коммерциялық банклердиң жоқары органы-акционерлердиң улыўма жыйналысы есапланады. ҳәр жылы акционерлердиң жыйналысы уставтағы ҳәм устав капиталындағы өзгерислерди, жыллық ислери ҳәм оның нәтийжелерин, банк дәраматларын тастыйықлаў. Банк Кеңеси қурамын сайлаў банкиниң киши мекемелерин пайда етиў ҳәм бийкар қылыў мәселелерин көрип шығыўы мүмкин.
Айырым коммерциялық банклерде пайлар есабынан пайда қылыныўы мүмкин. Бул түрдеги банклердиң қатнасыўшылары ҳәм ҳуқықый ҳәм физикалық тәреплер болыўы мүмкин.
Жеке меншик банклер-физикалық тәрептиң пул қаржылары есабынан пайда етилген банклер есапланады.
Жайласыў белгисине қарап коммерциялық банклер халық-аралық республика, район банклерине бөлиниўи мүмкин.
Орынланатуғын операцияларға қарап коммерциялық банклер-универсал ҳәм арнаўлы банклерге бөлинеди.
Универсал банклер түрли оперцияларды орынлаў, ҳәр түрли хызметлерди әмелге асырыў қәсийетине ийе болады. Арнаўлы банклер мәлим бағдарларға хызмет көрсетип, өз ислерин усы бағдарларда жетискенликлерге, нәтийжелиликлерге ерисиўге бағышлайды. Бундай банклерге тармақларға хызмет көрсетиўши банклер, экспорт-импорт операцияларын алып барыўшы банклер, инвестиция банклери, ипотека банклери кириўи мүмкин.
Бүгинги күнде раўажланған мәмлекетлерде пайда болған банк тизимлерин шәртли түрде универсал ҳәм сегментленген түрлерге ажыратыў мүмкин. Соңғы ўақытқа шеккем Германия, Франция, Голландия, Швецария раўажланған мәмлекетлерге универсал банклер сәйкес еди. Ҳәзирде универсал банклер раўажланған мәмлекетлерде ҳәрекет етпекте.
Сегментленген банк дүзилмеси коммерциялық ҳәм банк кредит шөлкемлерине ис жағдайын нызамлы тәрепинен шегаралап қойылыўын билдиреди. Буннан жағдай ҳәзирде АҚШ, Япония. Канади мәмлекетлеринде пайда болып, оларда корпоратив клиентлердиң қымбат баҳалы қазағзларын шығарыў ҳәм жайластырыў операциялары менен шуғылланыўшылар мүмкин емес. Бирақ бүгинги күнде АҚШ 1993-жылда қабыл қылынған Гласс-Стегал нызамын бийкар қылыныўы күтилмекте.
Өзбекстан Республикасы Коммерциялық банклери Орайлық банктен лицензияны алғаннан соң мәмлекет қымбат баҳалы қағазлары менен операцияларды әмелге асырыўы мүмкин. Оларға қымбат баҳалы қағазлар менен оперциялар қылыў ушын, төлеў қәрежетлери функциясын орынлаўшы қағазлар ушын яки пул қаржыларын жамғармаларға ҳәм банк санларына жалп қылыўларын тастыйықлаўшы қағазлар ушын арнаўлы лицензия алыўлары шәрт емес.
Бүгинги күнде банклерди ҳәм басқа финанс кредит шөлкемлери арасындағы парықты жойтыўды мәмлекеттеги капитал ҳәрекетин орайласыўшы ҳәм жамғарласыўы менен байланыслы.
Бундай ҳәрекет нәтийжесинде өз-ара жақын ҳәм уқсас болмаған кредит шөлкемлерин жойтылып кетиўи яки қосылыўы процесин әмелге асырылыўы мүмкин.
Соның менен бирге банклердиң универсалланыўы макроэкономикалық элементлерге байланыслы. Лекин усы ислер узапқ мүддетти өз ишине алады. Ҳәзирги күнде парықлардың жойтылыўы ҳәм банклер тәрепинен функционал ҳәм юридикалық қәсийетлерин бийкар болыўы тийкарынан үлкен коммерциялық банклерде сезилерли дғрежеде әмелге аспақта. Үлкен банклердиң универсалласыўы ҳәм глобал бағдарларының алып барылыўы кишик бинклердиң арнаўлы кредит шөлкемлерине яғный мәлим түрдеги операцияларға сәйкеслескен шөлкемлерге айланыўына себеп болмақта. бул болса көплеген мәмлекетлерде ис көрсетип атырған көп басқышлы банк тизимине сәйкес қәсийет болып есапланады.
Бүгинги күнде банклердиң көп болыўы олардың дүзилиўине байланыслы. Раўажланған мәмлекетлерге яки еки дәрежели банк тизими сәйкес. Бир қәдемли банк дизими варианты мәмлекетте тек бир ғана орайлық банк еле пайда болмаса яки бир орайлық банктен ибарат болса реал пайда болыўы мүмкин.
Цивилизация дәрежесиндеги базар экономикасы шараятында еки дәрежели банк тизими бар. Бунда биринши банк мәмлекет қарызын басқарыў ушын усыллардан пайдаланылады.
Орайлық банк -банк тизими пайда болған барлық мәмлекетлер пул-кредит дизиминиң тийкарын пайда қылады. Орайлық банктиң финанс базарындағы орны мәмлекетте базар қатнасықларының раўажланыў дәрежесине ҳәм қәсийетине байланыслы.
Өз нәўбетинде еки қәдемли банк тизимин қәлиплестириў тийкарғы мәселе болып есапланады. Себеби буның басында Орайлық банк болады.
Еки қәдемли банк тизиминиң зәрүрлиги базар қатнасықларының қарама-қарсылықларынан келип шығады. Бир тәрептен, бур жеке меншик финанс қаржылардан еркин пайдаланыў ҳуқықын талап етеди. Екинши тәрептен бул қатнасықларды мәлим муғдарда тәртипке салыў қадағалаў мақсетли бағдарлар болып табылады. Бундай арнаўлы институт сыпатында Орайлық банк жүзеге келеди.
Жоқарыда көрип өткенимиздей банк ислерин арнаўлы лиценция тийкарында әмелге асырылатуғын ислер. Биз айтақанымыздағы Өзбекстан Республикасы Коммерциялық банклер Орайлық банк тәрепинен берилетуғын лицензия тийкарында ис алып барады. Оларға қосымша лицензия зәрүр емес.
Базар экономикасы ҳәм жәҳән хожалығы раўажланыўы менен банк тизими ҳәм раўажлана барады. Ҳәзирги шариятта банкелер көбирек таза банк операцияларын орынлайды.
Коммерциялық банклери төмендеги операцияларды орынлайды`
-пассив операциялар~
-актив ссуда оперциялары~

  • банк хызметлери ҳәм қураллы операциялар~

  • банктиң өз қаржылары есабынан әмелге асырылатуғын операциялар ҳәм басқалар

1-таблица.



Download 0.51 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   18




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling