Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги


Коммерциялық банклердиң улыўма баланс пассвиниң қурамы (процентте)


Download 0.51 Mb.
bet18/18
Sana08.03.2023
Hajmi0.51 Mb.
#1251370
TuriЛекция
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   18
Bog'liq
лекция ПКБ 2010

Коммерциялық банклердиң улыўма баланс пассвиниң қурамы (процентте)

Банк топарлары

Пассив қурамы

2003

2004

2005

Барлық банклер


Акционерлик капиталы

16.9

17.84

18.95

Тартылған қаржылар

83.1

82.16

81.05

Ири банклер

Акционерлик капиталы

16.73

17.65

19.63

Тартылған қаржылар

83.27

82.35

80.37

Орта банклер

Акционерлик капиталы

19.16

19.92

15.7

Тартылған қаржылар

80.84

80.08

84.3

Киши банклер

Акционерлик капиталы

35.25

36.31

38.45

Тартылған қаржылар

64.75

63.69

61.55

Дерек: Мағлыўмат банк ахбороты газетасының 2007 жыл №1 санынан алынды

Бул таблицадан соны көриў мүмкин, откен үш жыл даўамында Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң коммерциялық банклердиң капиталласыўын арттырыўға қаратылған сиясатының нәтийжеси байланыслы, банклердиң акционерлик капиталының банк пассивиндеги үлеси турақлы түрде өсип барған.


Өз гезегинде, банк тәрепинен тартылған қаржылардың қурамы да үлкен әҳмийетке ийе болып, усы қурам барлық банклердиң топарлары бойынша төмендеги көриниске ийе (2-таблица).
Коммерциялық банклер тәрепинен тартылған ресурслардың қурамын көрип шықсақ, арзан ресурс есапланатуғын депозитлер көлеминиң өткен ўақыт даўамында өскенлигиниң гуўасы боламыз.

2-таблица


Коммерциялық банклердиң улыўма миннетлемелериниң қурамы (процентте)

Банк топарлары

Миннетлемелер қурамы

2003

2004

2005

Барлық банклер


Депозитлер

26.64

30.5

54.56

Басқа миннетлемелер

73.36

69.5

45.44

Ири банклер

Депозитлер

24.0

27.92

53.21

Басқа миннетлемелер

76.0

72.08

46.79

Орта банклер

Депозитлер

77.67

66.32

59.32

Басқа миннетлемелер

22.33

33.68

40.68

Киши банклер

Депозитлер

77.67

68.8

78.38

Басқа миннетлемелер

22.33

31.2

21.62

Дерек: Мағлыўмат банк ахбороты газетасының 2007 жыл №1 санынан алынды

Соның менен бирге банклер финанслық хызметлер көрсететуғын финанслық мекемелерге айланбақта, бул банк балансында сәўлеленбеген, лекин жүдә үлкен дәрамат келтиреди. Мәселен` банклер валюта операцияларын орынлағанда брокерлер, сыпатында майданға шығарады ҳәм үлкен муғдарда қуралшылық ҳақы алынады. Ҳәзирги ўақытта үлкен коммерциялық банклер 350 түрдеги финанслық хызмет көрсетпекте.


3-таблицада коммерциялық банклердиң кредит портфелиниң қурамы ҳәмде берилген кредитлер бойынша алынған процентли дәраматлар қурамы көрсетилген.

3-таблица


Коммерциялық банклердиң улыўма кредит портфели


Қарыздарлар топары

Сәне

Кредит муғдары процент

Алынған проценттен дәрамат процент

Коммерциялық банклер

31.12.05

1.3

11.95




31.12.04

0.27

7.19




31.12.03

0.48

7.07

Физикалық шахслар

31.12.05

10.6

14.56




31.12.04

3.0

8.33




31.12.03

2.37

9.08

Мәмлекетлик кәрханалар

31.12.05

27.3

22.74




31.12.04

53.6

46.91




31.12.03

60.73

48.51

Қоспа кәрханалар

31.12.05

23.15

14.57




31.12.04

23.57

12.61




31.12.03

22.24

15.22

Жеке кәрханалар

31.12.05

37.65

36.18




31.12.04

19.56

24.96




31.12.03

14.18

20.12

Жәми

31.12.05

100

100




31.12.04

100

100




31.12.03

100

100

Дерек: Мағлыўмат банк ахбороты газетасының 2007 жыл №1 санынан алынды
Таблицада көринип турғанындай, банклер ушын ең тийкарғы қарыздарлар мәмлекетлик кәрханалар, оннан кейин қоспа кәрханалар есапланады. Банклердиң кредит портфелинде жеке бизнес ушын ажыратылған кредитлер үлесиниң артып барыўы республикада усы тараўды раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжеси менен түсиндириў мүмкин. Берилген кредитлер бойынша ең көп процентли дәраматлар мәмлекетлик ҳәм жеке сектор кәрханаларында алынған. Бул жағдай үш жыл даўамында сапа жағынан өзгермеген 4,5 ҳәм 6 таблицаларда банклердиң кредит портфели ҳәм процентли дәраматларының қурамы банклердиң топарлары бойынша келтирилген.
Усыны айтыў керек Республика коммерциялық банклериниң финанслық жағдайы бүгинги күнде әҳмийетли емес. Усы себепли Республикада бир қанша банклердиң лицензиясы шақырып алынды, бул болса оларды ҳақыйқат банкротлылыққа ушырағанлығынан дерек береди.
Банк лицензиясы шақырып алыныў процессинде ликвидцион комиссия дүзиледи.Олар қыйын ҳәм узақ мүддетли аўыр ислер алып барады.
2. Банк хызметлери.
Банк хызметлериниң тийкарғы характеристикасы
1.хызметлердиң материаллық емес мазмуны
2.таза банк хызметиниң авторы авторлық ҳуқыққа ийе емеслиги
3.банк филиаллары бир қыйлы банк хызметлерин көрсетиўшилиги
4.банк хызметлери нызамлылықлар тәртибинде регламентлестирилиўи
Ислеп шығарыў қуўатлылығының раўажланыўының ҳәзирги дәрежеси банк секторынан өзиниң клиентлерине көбирек хызмет көрсетиўди талап етпекте. Ақырғы он жыл ишинде банк ислери сапа тәрепинен жаңа дәрежеге көтерилди. Раўажланған мәмлекетлерде жумыс пенен бәнт халықтың 95% иниң банклерде өзлериниң счетлары бар.
Улыўма коммерциялық банклер операцияларында банк хызметлериниң тутқан орнын, олардың пайда болыў себеплерин, жаңа банк хызметлериниң раўажланыўын үйрениў ҳәмде банк хызметлериниң баанктиң ликвидлилик, пайдалылық көрсеткишлерине тәсири банк исиниң актуаль мәселелериниң бирине айланбақта. Бул саўалларға жуўап излеў мәмлекетимиздиң банк системасының раўажланыўына ҳәм банк хызметлерине болған талаплардың орынланыўына алып келеди.
Коммерциялық банклердиң хызмет көрсетип баслаўының бағдары әмелдеги операциялар ҳәм хызметлер түрлерин сапа тәрепинен жетилистириўден басланған. Кредитлестириў сферасында көплеген коммерциялық банклер ссуданың жаңа түрлерин ендире баслады, олардан жеке клиентлер ушын:
--Физикалық тәреплерге үй сатып алыў ушын, ески үйлерин сатқанға шекемги берилетуғын кредитлер;
--Қозғалмас мүлкке ийе болмаған физикалық тәреплерге турар жай сатып алыў ушын берилетуғын ссудалар;
--Үй ийелерине үйлерин қайта қурыў ушын, ремонт ушын, реконструкциялаў ушын ссудалар;
--Тутыныў мақсетинде берилетуғын кредитлер;
--Қамсызландырыў полисине ссудалар;
--Фермерлерге жерлерин жақсылаўға берилетуғын ссудалар;
--Оқыўға берилетуғын кредитлер;
Юридикалық клиентлерге көрсетилетуғын хызмет түрлерине;
--Исбилерменлик хызметлерин баслаўға ҳәм раўажландырыўға ссудалар;
--Басқа фирма активлерин сатып алыўға ссудалар ҳәм тағы басқалар.
Банклер жаңа клиентлерди тартыў ушын ҳәм бурынғы клиентлердиң талапларын қанаатландырыў ушын бурынғы операциялардың мүмкин болған жаңа вариантларын табыўға умтылады.
Банк хызметлери базарын раўажландырыўдың екинши бағдары клиентлер ушын жаңа, бурын өткерилмеген операциялар түрлерин излеўден ибарат. Бул сиясат көплеген банклер ушын тийкарғы буўыны болып, олардың ис-ҳәрекетинде әҳмийетли структуралық өзгерислерди талап етеди.

Пайдаланылған әдебиятлар


1.И. А. Каримов, Банк тизими, пул муомаласи, кредит инвестиция ва молиявий барқарорлик тўғрисида. Тошкент ‘Узбекистон’ нашриет-матбуо ижодий уйи, 2005
2.Узбекистон Республикаси Марказий банк тўғрисидаги қонуни. Т. Узбекистон, 1996
3.Банклар ва банк фаолияти ҳақидаги Узбекистон Республикаси қонуни. Т. Узбекистон, 1996
4.Абдуллаева Ш.З. Пул, кредит ва банклар. Т. Молия,2000
5.Гулямов С. С., Додобаев Ю. Т., Кучаров А. «Деньги, банки, кредит» Учебное пособие Т. – 2002 г.
6.Денги, кредит и банки
Под редакцией д.э.н. проф. О. И. Лаврушина Москва «Финансы и статистика» 1998 г.
7.Рашидов О.Ю., Тоймухамедов И. Р., Тожиев Р.Р., Карлибаева Р.Х. Пул муомаласи, кредит ва молия. Тошкент 2005 147-164 бетлер
8.В.И.Колесников и Л.П.Кроливецкая. Банковское дело. Москва. Финансы и статистика. 2002

  • Интернеттен пайдалананыў ушын усыныс етилетуғын сайтлар дизими

  • www.bankinfo uz

  • http:FFwww. Bankofengland.co.ukFmarketsFlorexFindeks.htm

  • www.cer.uz

  • www.bashexpo.ru

  • www.interunion.ru

  • www.e-tours.ru

Download 0.51 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   18




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling