%збекстан республикасы жо№ары


Download 0.69 Mb.
Pdf ko'rish
bet18/37
Sana13.01.2023
Hajmi0.69 Mb.
#1091835
TuriЛекция
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   37
Bog'liq
G.Aynazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Leksikologiya (2004) (1)

Пәрўайы пәнсери болса да, жүзинде аз ғана қуўаныштың изи билинеди (Сонда). 
5
. Тағы да мына сум бир ис қылып жүрмесе болар еди деген тақлетте тум-тусқа қарады 
(А.Бегимов, «Балықшының қызы»). 
Бул мысаллардағы поскеллесин, ғәлет пе, мәз, қапылғыр, пәрўайы пәнсери, тақылетте 
деген сөзлер өзлериндеги анық мәни айрықшалығы менен (бояўы) көзге түседи. Жазыўшы бул 
жерде әдебий шығармадағы ўақыяны көркем сүўретлеўде тил байлықларынан пайдаланыўының 
белгили усылы ретинде сөйлеў тили лексикасына киретуғын сөзлерди қолланып атыр. 
Әдебий тилдиң нормалары сөзлердиң ҳәм сөз дизбеклериниң белгили бир қәлиплескен 
грамматикалық формада қолланылыўын талап етеди. Ал сөйлеў тилинде көпшилик жағдайда 
сөзлер ҳәм сөз дизбеклери өзгериске ушырап айтыла береди. Мысалы: қәйер, қәйдем, журмедиң, 
қалайық, қайманда, олманда, айтөс, өйтпе, бүйтпе, келөс, т.б. 
Сөйлеў тилиниң лексикасына вульгаризмлер менен мәдениятсыз сөзлер де киреди. Бундай 
сөзлерде кемситиўшилик, жек көриўшилик ҳәм трупайы мәни болады. Олар әдебий тилге түп-
тамырынан қарсы келеди ҳәм сөйлеў тилиндеги үлкен болмаған лексикалық қатламды қурайды. 
Ҳәзирги халықтың сөйлеў мәдениятының өсиўи нәтийжесинде сөйлеў тилинде 
ушырасатуғын вульгаризмлер менен мәдениятсыз сөзлердиң өриси тартылып, ҳәттеки турмыстан 
дерлик шығып баратыр. 
Жазба услублық лексикасы 
Жазба услуб жазыўдың, жазыў мәдениятының пайда болыўы ҳәм раўажланыўы тийкарында 
дөрейди, қәлиплеседи ҳәм жетилисип барады. Объектив талапларға сәйкес жазыўдың улыўма 
халықлық сыпат алыўы оның жәмийетлик хызметин тағы да кеңейтип отырады. Айтайық, 
Октябрьге шекемги дәўирде де қарақалпақ халқының жазба тили бар еди, бирақ ол қалың 
көпшиликтиң хызметинде бола алмады. @алаба саўатсызлық сол жазба тилден, жазыў 
мәдениятынан кең пайдалыныўға мүмкиншилик бермеди. Октбярьге шекемги жазба тил халық 
турмысында шекленген еди. Солай да бул жазыў тилиниң халық сөйлеў тилине қарағанда өзине 
тән өзгешеликлери, белгилери болады. Мәселен, бизге келип жеткен жазба естеликлерде, айтайық 
ис қағазларына байланыслы ҳүжжетлерде өзгеше баянлаў, турақлы баянлаў формасы, сөз 
таңлаўшылық белгилери арнаўлы ислер ҳәм ис қағазлары услубының қарақалпақлар турмысында 
ертеде-ақ пайда болғанлығынан дерек береди. Сондай-ақ көркем-беллетристикалық услубтың да 
иргеси ертеде қаланған. Классикалық әдебият шығармаларында көринетуғын поэтикалық услуб 
оның айқын гүўасы болып табылады. 
Қарақалпақ халқы соңғы жыллар ишинде өз ана тилиндеги миллий жазыўына, қәлиплескен 
жазба әдебий тилине ийе болды. Әдебий тилдиң кем-кем раўажланыўының барысында жазба тил 
услублары да қәлиплесип, кеңейип ҳәм жетилисип келмекте. Усыған сәйкес қарақалпақ тилиниң 
сөзлик қурамында сол услубларға байланыслы жеке лексикалық-услублық қатламлар дөреди. 
Ҳәр қандай жазба услуб өзиниң раўажланыў дәўиринде усы тараўда жийи қолланылатуғын 
лексикалық бирликлерди пайда ететуғынлығы белгили. Бирақ бундай лексикалық бирликлер сол 
услубтың пайда болыўы менен бирден қәлиплесип кете бермейди. Олар халық толғаўынан өтип 
ысылады, жеделлеседи. Нәтийжеде турақлы түрдеги услублық жақтан шекленген арнаўлы сөз 
қатламлары пайда болады. 
Қарақалпақ әдебий тилиниң услублық тармақшалары өзиниң тарийхый раўажланыўының 
барысында мине сол жағдацйларды басынан кеширди. 


Ҳәзирги қарақалпақ тили лексикасында өзгеше белгилери менен бир-биринен 
ажыратылатуғын бир неше услублық қатламларды көриўге болады. Олар публицистикалық, 
илимий-терминологиялық, көркем-әдебий ҳәм рәсмий ис қағазлары услубларына байланыслы 
лексикалық қаламлардан ибарат. 
Публицистикалық услуб тийкарынан қарақалпақ әдебий тили тарийхында оның 
раўажланыў дәўиринде пайда болған ҳәм жедел услуб сыпатында қәлиплескен функциональлық 
услубының биринен ибарат. 

Download 0.69 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   37




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling