Ӛзбекстан республикасы жоқары ҩӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги әжинияз атындағы нӛкис


Download 6.22 Mb.
Pdf ko'rish
bet218/266
Sana17.08.2023
Hajmi6.22 Mb.
#1667691
1   ...   214   215   216   217   218   219   220   221   ...   266
Bog'liq
Топлам КОНФЕРЕНЦИЯ 2021

Ádebiyatlar
1. Мирзиѐв Ш.М. Ўзбекистон Республикаси Президентининг Олий Мажлисга 
Мурожатномаси.-Т.2018, 19-20-бетлар.
2. Муслимов Н.А., Усмонбоева М.Ҳ., Сайфуров Д.М., Тўраев А.Б. Педагогик 
компетентлик ва креативлик асослари /– Тошкент, 2015. – 120 бет.
 
ШАҢАРАҚ, МӘҨӘЛЛЕ ҨӘМ МЕКТЕПЛЕРДИҢ БАЛА ТӘРБИЯСЫНДА 
ӚЗ-АРА БИРГЕ ИСЛЕСИЎИ 
М.А.Пазылов – НМПИ,
«Педагогика ҳәм психология» қәнигелиги 2-басқыш магистри 
Глобал хабар алмасыў дәўири тез пәт пенен раўажланып атырған бир пайытта 
келешегимиз болған перзентлеримиздиң руўҳый әлеминде бослықты болдырмаў ушын 
оларды кеўли ҳәм санасында саламат турмыс тәризин, миллий ҳәм улыўма халықлық 
қәдириятларға ҳүрметин балалық дәўиринен баслап қәлиплестириўимиз зәрүр.
Шаңарақтағы тәлим-тәрбия, руўҳый әдеп-икрамлылық қәдириятлар, кейин ала 
адамлар арасында, мәҳәлледе, билим бериў мекемелеринде раўажландырылады. Бундай 
уллы ўазыйпаны шаңарақ-мәҳәлле ҳәм билим бериў мектеплериниң бирге ислесиў 
шериклигисиз кӛз алдымызға келтириў қыйынырақ болады. 
«Үзликсиз руўҳый тәрбия кноцепциясы»ның мақсет ҳәм ўазыйпасында «Руўҳый 
тәрбияны жетилистириўде шаңарақ, мәҳәлле ҳәм тәлим мәкемелери, сондай-ақ, ғалаба 
хабар қураллары ҳәм басқа да социаллық шӛлкемлер арасында нәтийжели бирге ислесиў 
механизмин жолға қойыў»[1] кереклиги кӛрсетилген. «Бүгинги күнде мәмлекетимиздеги 
он мыңға жақын пуқаралардың ӛзин-ӛзи басқарыў органларында «Шаңарақ-мәҳәлле-
тәлим мекемеси» жәмәәтшилик кеңеслери шӛлкемлестирилип, олар ата-аналардың 
перзент тәрбиясындағы жуўапкершилигин күшейтиў, оқыўшылардың сабақларға 
қатнасын үйрениў бойынша зәрүр ис-илажларды әмелге асырып атыр.
Белгили ойшыл Абдурауф Фитрат шаңарақтағы ең аўыр ўазыйпа перзент тәрбиясы 
екенин, халықтың ҳәрекет етиўи, белгили бир байлыққа ийе болыўы, бахытлы болып 
ҳүрмет-иззет табыўы ямаса, ҳәлсиз болып хорлыққа түсиўи, камбағаллық тонын кийип, 
бахытсызлық жүгин тартып итибардан шетте қалыўы ҳ.т.б кӛплеген унамлы-унамсыз 
жағдайларға түсип қалыўын ӛз ата-аналарынан алған тәрбияларына байланыслы 
екенлигин айрықша атап ӛтеди.
Жаслардың тәлим-тәрбиясында мәҳәллениң рӛли ҳәм тәсири оғада уллы. Себеби, 
ӛз-ара меҳир мүриўбет, аўызбиршилик ҳәм татыўлық сыяқлы халқымызға сай болған 
үрп-әдет ҳәм дәстүрлер тийкарынан мәҳәлле орталығында раўажланады. Бул болса жас 
әўладтың ой-ӛрисин жетилистириўде үлкен әҳмийетке ийе. Перзентлеримиздиң тәлим-
тәрбиясында мәҳәллениң орнын ҳеш нәрсе менен теңлестирип болмайды. Биз кӛбинесе 
перзентлеримизди қыйнап жүрген машқалаларына, жүреклериндеги арзыў-нийетлерине 
итибар бере бермеймиз. Оларға тек талап қоямызда, бирақ олардың қызығыўшылықлары 
менен онша қызықсына бермеймиз, - деген менен ҳәр бир ата-ана ӛзиниң ҳәр бир баласы 
тымсалында әўеле шахсты кӛриўи керек екенлигин бүгинги күн талапларының бири 
екенлигин умытпаўымыз керек.
«Мектеп жасына жетиў» түсиниги психологияға Л.И.Божович тәрепинен 
киргизилген. Ол системалы оқытыў талаплары жүдә қыйын болмаған ҳәм баланың 
саламатлығына унамсыз тәсир кӛрсетпейтуғын, сондай-ақ, мектепке баланың 


382 
бейимлесиўи, морфологиялық, фунционаллық ҳәм психологиялық раўажланыўын 
анықлайды. Мектеп - бул бәринен бурын баланың басқалар менен қалайынша ӛз-ара 
мүнәсибетте болып, қалайынша бейимлесиўи, болажақ оқыўшы ҳәм жәмийет ағзасы 
сыпатында оның табысқа ерисиўине байланыслы болатуғын, жаңа социаллық орталық 
болып табылады. 
Бейимлесиў-дегенде тек әмелдеги шәраятларға ийкемлесиў механизмлери ғана 
емес, ал ӛз - ара мүнәсибетлердиң характерин ӛз бетинше анықлаўын жүзеге 
келтиретуғын баланың ӛзиниң уқыплылығы да түсиниледи. 
Жәмийетлесиўди - жәмийет талаплары менен баланың имканиятларынан келип 
шыққан бирикпе сыпатында алып қараўға болады. Социаллық талаплар шахстың минез-
қулқын анықлайтуғын шәртли фактор болып есапланады. 
Мектепте тәлим-тәрбия жумысларының нәтийжелилиги тек ғана оқытыўшының 
таярлығына емес, ал оның дәстүрий емес кӛриниси ҳәм ӛз ўазыйпасының орынланыўына 
да байланыслы болып қалмастан, баланың жасап атырған орталығы ҳәм шаңарақтың 
тәсирине де байланыслы болады. Шаңарақ бала тәрбия алатуғын ең биринши социаллық 
орталық болып, дәслепки әдеп-икрамлылық, тәртиплилик тәжирийбелер орнатылатуғын 
муқаддес дәргай есапланады. 
Баланы мектепке қабыл етип атырғанда, оның биринши муғаллими дәслеп ата-
анасы менен танысады. Оқытыўшы менен ата-ананың қарым-қатнасы, мүнәсибети, 
байланысы усы танысыўдан басланады. «Тәрбияның нәтийжелилиги кӛбинесе шаңарақ 
ҳәм мектептиң балаға қоятуғын талабының бирдей болыўына да байланыслы болады. 
Сонлықтан да педагогикалық әдеплилик оқытыўшы менен ата-аналардың ӛз-ара 
мүнәсибетлери, қарым-қатнасы мәселесине үлкен итибар бериледи, оқытыўшы шаңарақ 
пенен байланыс ҳәм бирге ислеспей турып баланы әдеп-икрамлылыққа тәрбиялаў 
ўазыйпасын орынлай алмайды». 
Демек, ҳәр бир баланың жақсы инсан болып тәрбияланыўы оқытыўшы, ата-ана ҳәм 
мәҳәллениң пайдасы есапланады. Тәрбия процессинде мақсеттиң бирлиги оқытыўшыны 
ата-ана менен байланыстырып турады. Соның ушын, педагоглардан ҳәм 
оқытыўшылардан талап етилетуғын нәрсе баланың унамсыз ис-ҳәрекетлерин бӛрттирип 
айтпаўы ҳәм әдеп-икрамлылық нормаларына қатаң әмел қылып оқыўшыларына үлги 
болып, ақлый сезимталлықты үстин қойыўы зәрүр болып табылады. 

Download 6.22 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   214   215   216   217   218   219   220   221   ...   266




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling