Ӛзбекстан республикасы жоқары ҩӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги әжинияз атындағы нӛкис


БАСЛАЎЫШ КЛАССЛАРДА МАТЕМАТИКА ПӘНИН ОҚЫТЫЎДА


Download 6.22 Mb.
Pdf ko'rish
bet184/266
Sana17.08.2023
Hajmi6.22 Mb.
#1667691
1   ...   180   181   182   183   184   185   186   187   ...   266
Bog'liq
Топлам КОНФЕРЕНЦИЯ 2021

БАСЛАЎЫШ КЛАССЛАРДА МАТЕМАТИКА ПӘНИН ОҚЫТЫЎДА 
ИННОВАЦИЯЛЫҚ ПЕДАГОГИКАЛЫҚ ТЕХНОЛОГИЯЛАРДЫ ҚОЛЛАНЫЎ 
 
Д.Ж.Дауимов - Нӛкис қаласы, 22-санлы қәнигелестирилген
мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебиниң
жоқары категориялы математика пәни муғаллими 
Ш.Т.Ганиева - Нӛкис қаласы,45-санлы улыўма орта
билим бериў мектебиниң баслаўыш класс муғаллими
 
Үзликсиз билимлендириў системасында заманагӛй педагогикалық, инновациялық 
ҳәм хабар технологияларынан пайдаланыў оқыў материалларын оқыўшы тәрепинен 
қабыл етиў ҳәм ӛзлестириў нәтийжелилигин арттырады. 
Инновациялық технологиялардан сабақ процессинде пайдаланыў артықмашлығы 
сонда, олар оқытыўшы ҳәм оқыўшылардыӊ биргеликте ислесиўи арқалы әмелге 
асырылады. Оқытыў процесси оқытыўшы ҳәм оқыўшылар искерлигин ӛз ишине алады. 
Оқытыўшыныӊ искерлиги оқыў материалын баянлаў, оқыўшылардыӊ пәнге болған 
қызығыўшылығын арттырыў, ойлаў қәбилетин раўажландырыў, ӛзлерине болған 
исенимин арттырыў, олардыӊ ӛз бетинше шынығыўларына басшылық етиў, олардыӊ 
билим, кӛнликпе ҳәм уқыплылықларын бақлаў ҳәм баҳалаўдан ибарат. 
Ҳәр бир сабақ темасын үйрениўде айрықша технология, метод ҳәм қуралларды 
таӊлаўға туўра келеди. Оқытыў процессинде жоқары нәтийжеге ерисиў ушын сабақ 


333 
процессиниӊ избе-излигине алдыннан дыққат қаратыўымыз керек. Бунда оқытыўшы 
предметтиӊ айрықша тәреплерин, оқыўшылардыӊ мүмкиншиликлерин, билим 
дәрежесине қарай сабақта пайдалануғын технологияларды таӊлаўы керек. 
Сабақтыӊ ҳәр қыйлы басқышларында ҳәр қыйлы интерактив методлардан 
пайдаланыўға болады. 
Мысалы, 3-класс математика пәни комбинаторикалық ҳәм логикалық мәселелер 
темасындағы тӛмендеги мәселени шешиўде биз «Әмелий изертлеў» технологиясынан 
пайдалансақ болады. Бунда оқыўшылар мәселениӊ шешимин әмелий түрде тәжирийбеде 
кӛргизбели орынлаў арқалы аӊлаў мотивациясы артып, билимлери беккемленеди.

Download 6.22 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   180   181   182   183   184   185   186   187   ...   266




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling